Көпшиликтиң ўақтын алып, нервлерин бузатуғын процесслерден бири - бул ҳәр қыйлы ҳүжжетлерди жыйнаў ҳәм оларды бәрқулла өзи менен алып жүриў болып есапланады. Ҳүжжетлерди үйде умытып қалдырыў болса көплеген қолайсызлықларға алып келиўи мүмкин.
Енди бул машқалаға шешим бар!
2025-жылдың 1-июльинен баслап my.gov.uz порталындағы санлы сервислер арқалы ҳүжжетлерди электрон тәризде усыныўыңыз мүмкин болады. Бул дегени, енди сиз бенен ҳәмийше бирге жүретуғын смартфоныңыз жәрдеминде қәлеген ўақытта керекли ҳүжжетти көрсете аласыз!
Санлы сервислерден Банк хызметлеринде, Нотариал уйымларға мүрәжат еткенде, Аэропортларда ишки рейслерди дизимнен өткериўде, Өзбекстан аймағынан өтиўши поездларға шығыўда, Мәмлекетлик, корпоратив ҳәм басқа да хызметлерде пайдаланыўыңыз мүмкин.
Бул имканият ўақытты үнемлеў, ҳүжжетлерди жоғалтыў ямаса жеке мағлыўматлардың тарқалыў қәўпин азайтып, процесслерди әпиўайыластырады ҳәм тезлестириў сыяқлы бир қатар қолайлықларды жаратады.

