Өзбекстанда жойтылған айдаўшылық гүўалығын онлайн тәризде тиклеў мүмкин

    19 қыркүйек 2025 1288

    Енди айдаўшылық гүўалығын жойтып алған Өзбекстан пуқаралары ЖҲҚБ бөлимшесине мүрәжат етпейди. Барлық тәртип-қағыйдаларды БИМХП (my.gov.uz) арқалы онлайн әмелге асырыў мүмкин.

    Буның ушын "Айдаўшылық гүўалығын рәсмийлестириў" хызметинен пайдаланыў ҳәм "Жойтылған айдаўшылық гүўалығын тиклеў" бөлимин таңлаў жеткиликли.

    Хызмет баҳасы: 370 800 сум (0,9 БЕМ).

    Жеткерип бериў: почта арқалы жиберилгенде қосымша 25 000 сум өндириледи.

    Хызмет көрсетиў мүддети: 1 жумыс күни (почта арқалы жеткерип бериў менен - 3 жумыс күни ишинде).

    Еслетип өтемиз, төмендеги жағдайларда арза бийкар етиледи:

    егер айдаўшылық гүўалығы ҳаққындағы мағлыўматлар системада тастыйықланбаған болса;

    егер арза бериўши транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырылған болса;

    арза бериўшиге байланыслы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 131 ямаса 136-статьялары менен ҳәкимшилик ис қозғатылған болса.

    Жаңа сервис айдаўшыларға ўақытын үнемлеў ҳәм артықша қәрежетлердиң алдын алыў имканиятын береди.