Ҳүжжетте нәтийжели ҳәм халықшыл реформаларды әмелге асырыўда кең жәмийетшилик, атап айтқанда, маман қәнигелер, жаслар, исбилерменлер, белсенди пуқаралар ҳәм ўатанласларымыздың қатнасын қоллап-қуўатлаў илажлары белгиленген.
Мақсет - мәмлекеттиң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, жаңа технологиялар ҳәм илим жетискенликлерин енгизиў.
Буның ушын перспективалы басламаларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде халықтың кең қатламлары менен ашық пикирлесиў платформасы жаратылады және заманагөй, алдынғы идеялар ҳәм перспективалы басламаларды таңлап алыўдың нәтийжели механизмлери енгизиледи.
2025-жылдан баслап ҳәр жылы "Келешек ушын" перспективалы басламалар форумы өткерип барылады. Форумды өткериўдиң тийкарғы бағдарлары ҳәр жылы Шөлкемлестириў комитети тәрепинен белгиленеди. Ол Форумға улыўма таярлық көриў ҳәм оны өткериў менен шуғылланады, перспективалы басламаларды болса Менторлар кеңеси баҳалайды.
Стратегиялық реформалар агентлиги Форумға келип түскен перспективалы басламалардың бирден-бир дизимин қәлиплестирип, арнаўлы крауд-платформаға жайластырады.
2025-жылы Форумды өткериў қәрежетлери Стратегиялық реформалар агентлигиниң Қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан қапланады, 2026-жылдан баслап болса Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутылады.
Форумда мақулланған перспективалы басламаларды коммерцияластырыў ҳәм қаржыландырыў ушын "Бизнести раўажландырыў банки" АКБ ҳәм басқа да коммерциялық банклер, сондай-ақ, Илимди қаржыландырыў ҳәм инновацияларды қоллап-қуўатлаў қоры жуўапкер есапланады.
Ең әҳмийетли перспективалы басламалар Өзбекстан Президентиниң қатнасыўында өткерилетуғын Форумның жалпы сессиясында додаланады.
Перспективалы басламаларды әмелге асырыў ушын кредит ҳәм грантлар ажыратылады, салық ҳәм бажыхана жеңилликлери бериледи, басқа да хошаметлеўши илажлар қолланылады.
Еки ай мүддетте Форумда қатнасыў тилегинде болған шахсларды ашық электрон дизимнен өткериў, сораўнамаларды толтырыў, перспективалы басламаның профили, күн тәртиби, қатнасыў шәртлери ҳаққында мағлыўмат алыў ушын крауд-платформа жаратылады.