Енди жаңадан сатып алынған автотранспортты онлайн дизимнен өткериў мүмкин

    24 сәуір 2025 430

    Бүгин, 23-апрель күнинен баслап my.gov.uz арқалы жаңа автотранспорт қуралын дизимнен өткериў ушын онлайн арза жибериў имканияты сынақ тәртибинде иске түсирилди.

    Бул ҳаққында портал баспасөз хызмети хабар берди.

    Ҳәзирше бул имканият Ташкент қаласындағы "Файзобод" дизимнен өткериў ҳәм имтихан алыў бөлиминде сынақтан өткерилип атырғаны атап өтилди. Тест табыслы жуўмақланса, система дәслеп Ташкент қаласы бойлап, кейин ала қалған аймақларда енгизилиўи режелестирилген.

    Талабан арзаны қәлиплестириўде хызметти қандай көринисте алыўын белгилейди:

    Арза бериўши дизимге алыў ҳәм имтихан алыў бөлимине барған ҳалда дизимге алыў;

    Көшпели хызмет - ЖПХ хызметкериниң өзи белгиленген мәнзилге келеди (қосымша төлем тийкарында).

    Хызмет көрсетилиўи ушын белгиленген төлемлер төмендегише:

    Дизимнен өткериў: БЕМның 6,84 есеси (Электромобиллер, мотолар, тиркемелер - 1,5 есе);

    Мәмлекетлик номери: БЕМниң 3,5 есеси;

    Дизимге алыў гүўалығы (техпаспорт): БЕМниң 0,7 есеси;

    Техникалық көрик: БЕМниң 0,1 есеси.

    Көшпели хызмет ушын (10 км.ге): north_east

    1 күнде келсе: БЕМниң 4 есеси;

    3 күнде: БЕМниң 3 есеси;

    5 күнде: БЕМниң 2 есеси.

    10 километрден артық аралық ушын ҳәр бир километрге ЖЫӨниң 0,05 есеси қосып барылады.

    Арза my.gov.uz арқалы жиберилгенде, талабанға мәмлекетлик номер белгиси ҳәм төлем ушын инвойс усынылады. Төлем әмелге асырылғаннан соң, "Файзобод" дизимнен өткериў ҳәм имтихан алыў бөлимине барып, арзадағы мәмлекетлик номер белгиси айтылады, ЖПХ инспекторы транспорт қуралын көриктен өткереди ҳәм мәмлекетлик номер және техпаспортты усынады.

    No date selected
    June 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates