Энергетика министрлигинен мәлим етилиўинше, гүзги-қысқы мәўсимде тутыныўшыларды энергия ресурслары менен турақлы тәмийинлеў ушын барлық имканиятлар иске қосылып, ҳәр бир бағдар бойынша системалы жумыслар жолға қойылған.
Электр тәмийнаты
Усы жылы республика бойынша 7 мың километрден аслам электр узатыў тармақлары ҳәм 1 мың 731 трансформатор пункти жаңаланды. Бул арқалы 954 мәҳәлледе, яғный 800 мыңнан аслам шаңарақта энергия тәмийнаты жақсыланды.
Жаз мәўсиминде мәмлекетте электр энергиясынан пайдаланыў саатына 13,3 ГВт (суткасына 270-275 млн кВт саат) қа жетти. Қыс мәўсиминде бул көрсеткиш саатына 13,5 ГВт, яғный суткасына 290-300 млн кВт саатқа шекем артыўы күтилмекте.
2024-жылы 81,5 миллиард кВт саат электр энергиясы ислеп шығарылған болса, 2025-жылдың жуўмағы бойынша 85,5 миллиард кВт саат электр энергиясы ислеп шығарылыўы прогноз етилмекте.
Жылдың ақырына шекем улыўма қуўатлылығы 3 мың мегаваттан аслам болған қайта тиклениўши дәреклер (қуяш ҳәм самал станциялары), 1 мың 167 мегаваттлы ыссылық электр станциялары және 1 мың 500 мегаваттан аслам энергия сақлаў системаларын иске қосыў режелестирилген.
газ тәмийнаты
538 км жоқары ҳәм орта басымлы газ тармақлары және 951 газ бөлистириў пунктлери жаңаланды ҳәм модернизацияланды.
Жылдың басынан берли халыққа 464 мың тонна суйылтырылған газ жеткерип берилген болса, жылдың ақырына шекем және қосымша 199 мың тонна суйылтырылған газ жеткерип бериледи. Елимиздиң барлық аймақларын үзликсиз тәмийинлеў мақсетинде 29 мыңнан аслам турмыслық газ баллонлары резерви жаратылды.
Авариялық жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды жедел сапластырыў мақсетинде зәрүр техника, материаллар ҳәм қорғаныў қураллары менен тәмийинленген арнаўлы бригадалар дүзилген.







