Өзбекстан Қорғаныў министрлигиниң әскерий хызметкерлери киши сержант Абдуллаев Алишох ҳәм III-дәрежели сержант Жовкашев Шохрух усы жылдың 17-20-март күнлери АҚШ тың Миссисипи штаты “Camp Shelby” әскерий-оқыў базасында болып өткен "Ең алдынғы жаўынгер-2025" жарысында қатнасты.
Халықаралық әскерий бирге ислесиў байланысларын беккемлеў ҳәм арнаўлы бөлимлерде хызмет етиўдиң абырайын арттырыў сыяқлы мақсетлерде шөлкемлестирилген жарыста әскерий хызметкерлеримиз АҚШ Миллий гвардиясының Арнаўлы бөлимлери әскерий хызметкерлери менен күш сынасты.
Жарыс даўамында әскерий хызметкерлеримиз жеке қурамда физикалық таярлық сынақлары (6 шынығыўды өз ишине алған Фитнес тест), физикалық ҳәм руўхый күшлениў жолынан өтиў, түнде 15 километр аралыққа ориентирлеў, 15 килограмм жүк пенен 20 километр аралыққа марш жуўырыў, жаўынгерлик ҳәм улыўма таярлық бойынша тест сынақлары, шығарма жазыў (әскерий бирге ислесиў темасында 500 ден аз болмаған сөз), артиллерия отын басқарыў, АҚШ үлгисиндеги оқ атар қуралларды толық емес бөлеклерге жайыў, жыйнаў ҳәм жаўынгерлик жағдайға келтириў, сондай-ақ, олардан ҳәр қыйлы усыл ҳәм шараятларда оқ атыў, медициналық таярлық, ғалабалық қырғын қуралларынан қорғаныў, күтилмеген (сюрприз) шынығыўлар сыяқлы шәртлерди табыслы орынлады.
Атап айтқанда, әскерий хызметкерлеримиз командалық беллесиў - 15 килограмм жүк пенен 20 километр аралыққа марш жуўырыў шәртин 1 саат 50 минут ишинде орынлады. Сондай-ақ, жеке тәртиптеги беллесиўлерде III- дәрежели сержант Жовкашев Шохрух 3 километр 219 метр аралықты 11 минут 18 секундта басып өткен болса, киши сержант Абдуллаев Алишох 250 метр аралыққа жуўырыў даўамында комплексли шынығыўларды 1 минут 18 секундта орынлап, 5 килограмм аўырлықтағы топты 12,3 метр аралыққа ылақтырыўға миясар болды. Итибарлы тәрепи сонда, усы шәртлердиң барлығында әскерий хызметкерлеримиз жарыс рекордын жаңалады.
Жарыс жуўмағында әскерий хызметкерлеримиз арнаўлы сыйлық пенен сыйлықланды. Бул дәслепки жеңис емес, әлбетте. Бул жарыста өзбекстанлы әскерий хызметкерлер 2019-жылдан берли табыслы қатнасып, ҳәр биринде қатнасыўшылардан үстинлик пенен жеңимпазлықты қолға киргизип келмекте.
23-март күни жеңимпазлар пайтахтымыздағы Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэеропортында салтанатлы түрде күтип алынды. Мәресимде әскерлердиң жетискенлиги қорғаныў системасында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжеси, деп тән алынды.