Көрип шығылған ислер нәтийжесинде 105 418 шахсқа ҳәкимшилик жазалар қолланылды. Бул ҳаққында Жоқарғы суд хабар берди.
Атап өтилиўинше, жарасыўы мүнәсибети менен 19 201 шахс ҳәкимшилик жуўапкершиликтен азат етилди. Көрип шығылған ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислердиң көпшилигин
майда хулиганлық,
ишки ислер органлары хызметкериниң нызамлы талапларын орынламаў,
автомобиль транспортында жолаўшылар тасыў жумысы менен лицензиясыз шуғылланыў,
электр, ыссылық энергиясы, газден пайдаланыў қағыйдаларын бузыў,
қорлаў,
транспорт қураллары басқарыўшыларының жол ҳәрекети қағыйдаларын бузыўы жәбирлениўшиге жеңил дене жарақаты ямаса үлкен муғдарда материаллық зыян жеткерилиўине алып келиўи,
саўда ямаса хызмет көрсетиў қағыйдаларын бузыў,
жәмийетлик орынларда алкоголь өнимин пайдаланыў,
транспорт қуралларын мәс ҳалында басқарыў,
суўық қуралды ямаса суўық қурал сыпатында пайдаланыўы мүмкин болған затларды алып жүриў менен байланыслы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықларды қурайды.
Апелляция тәртибинде 1 924 шахсқа 1 632 ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ис көрип шығылды. 637 шахсқа байланыслы биринши инстанция судлары тәрепинен шығарылған қарарлар бийкар етилип, 577 шахсқа байланыслы шығарылған суд қарарлары өзгертилди.
Кассация тәртибинде 2 540 шахсқа қарата 2 380 ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ис көрип шығылды. 1 021 шахсқа байланыслы биринши инстанция судлары тәрепинен шығарылған ҳүкимлер бийкар етилип, 625 шахсқа байланыслы шығарылған суд ҳүкимлери өзгертилди.
Жоқарғы судтың Жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясы тәрепинен тексериў тәртибинде 467 шахсқа қарата 420 ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислер көрип шығылды. 102 шахсқа байланыслы төменги судлар тәрепинен шығарылған қарарлар бийкар етилип, 83 шахсқа байланыслы шығарылған суд қарарлары өзгертилди.








