Халықты электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ бенен турақлы тәмийинлеўде пуқаралардың мүрәжатларын таллаў, олардың тийкарында орынлардағы машқалаларды анықлаў ҳәм мәнзилли илажлар көриў әҳмийетли орын ийелейди.

2026-жылдың биринши ярымында жанылғы-энергетика тараўына байланыслы 39 мың 220 мүрәжат келип түсип, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 13 мың 820 ямаса 26,1 процентке азайған.

Олардың 50 проценти тәбийғый ҳәм суйылтырылған газ, 38,3 проценти электр тәмийнатына байланыслы.

Пуқаралардың мүрәжатларында тийкарынан баллонларға суйылтырылған газ толтырыў, электр тәмийнатындағы үзилислер, электр тармақларын қурыў ҳәм оңлаў, тәбийғый газ басымы менен байланыслы мәселелер көтерилген.

Мүрәжатлардың улыўма саны азайғанына қарамастан, олардың ҳәр бирине айрықша жағдай емес, ал анық аймақ, тармақ ямаса хызметте машқала бар екенинен дәрек беретуғын әҳмийетли сигнал сыпатында қараў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Гүзги-қысқы мәўсим алдынан қайта мүрәжатлар көп болған мәҳәлле ҳәм объектлерди үйренип, электр ҳәм газ тармақларының техникалық жағдайын тексериў, анықланған кемшиликлерди шешиў бойынша аймақлар кесиминде мәнзилли режелер ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Бәринен бурын, электр тәмийнатында үзилислер көп болған аймақлардағы электр тармақлары ҳәм трансформатор пунктлерин оңлаў, сондай-ақ, авария бригадаларының таярлығын арттырыў, тәбийғый газ басымы машқаласы бар елатлы пунктлерде тәбийғый газ тәмийнатының турақлылығын тәмийинлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Буннан тысқары, суйылтырылған газ баллонларын толтырыў ҳәм халыққа жеткерип бериў графиклерине қатаң әмел етиў, талап жоқары болған аймақларда қосымша резерв ҳәм имканиятларды иске қосыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы пуқаралардың мүрәжатларында көтерилген системалы машқалаларды гүзги-қысқы мәўсимге шекем сапластырыў, онда жергиликли ҳәкимликлер, "мәҳәлле жетилиги" ҳәм коммуналлық хызмет көрсетиў шөлкемлери менен биргеликте системалы жумыс алып барыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Мәўсимге таярлықты өз ўақтында ҳәм сапалы жуўмақлаў, халық ҳәм социаллық тараў объектлерин тәбийғый ҳәм суйылтырылған газ және басқа да жанылғы ресурслары менен турақлы тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди.