баннер
21 Mar 2025
05:21

    Жерге байланыслы қатнасықлар және де жетилистирилмекте

    26 Fevral 2025 472

    Енди жер участкаларын алған қарыздар шахс ескертилгеннен соң 6 ай ишинде қарыздарлықты сапластырмаса, оның жерге болған ҳуқықы бийкар етилиўи мүмкин.

    Нызамшылық палатасының күни кеше болып өткен мәжилисинде "Жер кодексине қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында"ғы нызам жойбары екинши оқыўда қабыл етилди.

    Нызам жойбарына бола Жер кодексине төмендеги тийкарғы қосымша ҳәм өзгерислер киргизилмекте:

    • буннан былай аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерди бир категориядан басқа категорияға өткериў усы жер участкаларына болған ҳуқықлар Жер кодексинде белгиленген тәртипте бийкар етилгенинен кейин ҳәм жер участкалары жаңадан берилиўинен алдын әмелге асырылады;
    • суўғарылмайтуғын аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерге руқсат етилген қурылыс объектлерин жайластырыўды (қурыўды) нәзерде тутатуғын жойбарлар ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкими тәрепинен тастыйықланады;
    • жер участкаларын алғаны ушын ҳақы белгиленген мүддетлерде төленбегенде - бул ҳаққында ўәкилликли уйымлар тәрепинен мүддети өткен қарыздарлық бар екенлиги бойынша ескертиў берилген сәнеден баслап 6 ай ишинде сапластырылмаған жағдайда жер участкаларына болған ҳуқықлардың бийкар етилиўине тийкар болады.


    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech