Бул нызам жойбарында мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў көлемин кеңейтиў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде мәплер соқлығысыўының алдын алыў, сондай-ақ, бурын нызамлы имканияты болмаған әмелият - балаға әке атын фамилия сыпатында бериў тәртибин енгизиў нәзерде тутылмақта.

Соның менен бирге, "Өзархив" агентлиги системасын оптималластырыў, архивлердиң бирден-бир автоматластырылған мәлимлеме системасы ушын ҳуқықый тийкарларды белгилеў, архив шөлкемлериниң ҳуқықый статусы ҳәм жумысын тәртипке салыў және архив ҳүжжетлерин электрон түрде сақлаў механизмлерин жетилистириў нәзерде тутылған.

Мәжилисте атап өтилиўинше, нызам жойбарында нәзерде тутылған нормалар халық ҳәм исбилерменлик субъектлери ушын бизнести баслаўда артықша бюрократиялық тәртип-қағыйдаларды қысқартыўға, лицензия ҳәм руқсат етиў характерине ийе ҳүжжетлерди алыў процесслерин әпиўайыластырыўға хызмет етеди.

Атап айтқанда, жойбар менен "Бизнеске лицензиясыз кириў" арнаўлы режими енгизилип, лицензия ямаса рухсатнама талап етилетуғын жумыс түрлери бойынша 3 айға шекем өтиў ҳәм бейимлесиў дәўирин белгилеў усыныс етилмекте.

Додалаўлар даўамында депутатлар нызам жойбары бойынша өз пикир-усынысларын билдирип, айырым нормалар бойынша нызам интакерлерине анықластырыўшы сораўлар берди ҳәм ҳүжжеттиң текстин буннан былай да жетилистириўге қаратылған усынысларды алға қойды.

Додалаўлардың жуўмақларына бола, нызам жойбары Нызамшылық палатасының депутатлары тәрепинен биринши оқыўда қабыл етилди.