Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы Қарақалпақстан Республикасының суверенли мәмлекет екенлигиниң нышаны есапланады.
Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы аспан көк, тойғын сары ҳәм жасыл реңлерден ибарат болып, ортасындағы сары реңли бөлек ақ ҳәм қызыл сызықлар арқалы ажыралып турады.
Байрақтың аспан көк реңи бәҳәр жасыллығы ҳәм өмир дәреги – суўдың мәңги тымсалы болып есапланады.
Сары рең болса Қарақалпақстан аймағының үлкен бөлегиниң саҳрадан ибарат екенлигин аңлатады.
Жасыл рең болса тәбияттың жаңаланыўы, руўхый жасарыў, исеним ҳәм қуўаныштың нышаны.
Байрақтағы жаңа туўылған ай мусылманлардың муққаддес тымсалы болса, бес жулдыздың сүўрети Қарақалпақстанның әййемги ҳәм нәўқыран бес қаласының – қарақалпақстанлылардың турмыс ҳәм исеним қорғанларының тымсалы болып табылады.
Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы Қарақалпақстан Республикасының рәсмий ўәкиллериниң сырт елге сапарларында, халықаралық әнжуманларда, көргизбелерде ҳәм спорт ойынлары жарысларында республикамызды дүньяға танытады. Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы халықаралық майданда басқа мәмлекетлердиң байрақлары менен тең желбиреп турады.
Республикамыз пуқаралары ҳәм бул жерде жасайтуғын басқа адамлар Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағын ҳүрметлеўи шәрт.
Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик байрағы қабыл етилгениниң 32 жыллық байрамы менен гүллән халқымызды Қарақалпақстан хабар агентлиги атынан қутлықлаймыз. Байрам ҳәммеге қутлы мубәрек болсын!
Қарақалпақстан хабар агентлиги.