Нызам ҳүжжетлерине киргизилген қосымшаларға бола, жер асты суўларына қудықты нызамға қайшы түрде бурғылаў ҳәкимшилик жуўапкершиликке себеп болатуғыны белгиленди.
Сондай-ақ, жер участкасын алғаны ушын ҳақы белгиленген мүддетлерде төленбегенде - мүддети өткен қарыздарлық оның бар екенлиги ҳаққында ўәкилликли уйымлар тәрепинен ескертиў берилген сәнеден баслап 6 ай ишинде сапластырылмаған жағдайда жер участкаларына болған ҳуқық бийкар етилетуғыны белгиленди.
Буннан тысқары, суўғарылатуғын жерлерди жер фондының басқа категориясына ямаса суўғарылмайтуғын жерлер категориясына өткериў бойынша анық талаплар белгиленбекте.
Салық кодексине киргизилген қосымшаға бола, жер асты суў дәреклеринен суў өлшеў үскенелерисиз суў алынғанда салық ставкасы белгиленген салық ставкаларының 5 есеси муғдарында белгиленеди.
Онда бул қағыйда физикалық тәреплер тәрепинен жеке ҳәм хожалық мүтәжликлери ушын суткасына 5 метр кубқа шекемги көлемде жер асты суўларын жеке тәртипте алыў жағдайларына қолланылмайды.









