баннер
10 Apr 2025
01:02

    Жерди көп квартиралы турақ жай қурыў ушын ижараға алған юридикалық шахслар жер салығын төлеўден азат етиледи

    24 Fevral 2025 596

    2025-жыл 1-майдан "Жаңа Өзбекстан" массивлерин қурыў шеңберинде бир қатар тәртип орнатылады.

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Үй-жай ҳәм ипотека базарын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрманына муўапық, 2025-жыл 1-майдан "Жаңа Өзбекстан" массивлерин қурыў шеңберинде төмендегилерди нәзерде тутатуғын тәртип орнатылады:

    жер участкаларын көп квартиралы турақ жайлар қурыў ушын ижараға бериў бойынша аукцион саўдаларында қатнасыў, көп квартиралы турақ жайларды қурыў ҳәм оларды реализациялаўға тек ғана ҚҚС төлеўши юридикалық тәреплерге рухсат етиледи;

    жер участкаларын көп квартиралы турақ жайлар қурыў ушын ижараға бериў бойынша аукцион саўдалары офертасында жойбаралды ҳүжжетлерин таярлаўға 15 күнлик, жойбарлаў жумысларын орынлаўға 2 айлық ҳәм қурылыс жумысларын баслаўға 3 айлық мүддет белгиленеди, сондай-ақ, онда қурылысты жуўмақлаў ҳәм объектти пайдаланыўға қабыл етиў мүддетлери көрсетиледи;

    аукцион саўдаларында жер участкасын көп квартиралы турақ жай қурыў ушын ижараға алған юридикалық шахслар ижараға алған ўақыттан баслап 12 ай даўамында усы жер участкасы бойынша жер салығын төлеўден азат етиледи;

    2025-жыл 1-марттан "Жаңа Өзбекстан" массивлеринде көп квартиралы турақ жайлар қурылысын әмелге асырыўшы қурылыс шөлкемлерине айланыс қаржыларын толтырыў ушын 12 айлық жеңиллетилген дәўир менен 24 ай мүддетке Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан көби менен 2 процентлик пунктке жоқары ставкада кредитлер ажыратылады.


    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech