Сапар шеңберинде ширкеттиң жумысы менен жақыннан танысты ҳәм компания директоры Ризо Ганжи менен ушырасыў өткерилди.
Бул компания 31 гектар майданда жайласқан болып, тийкарынан цитрус мийўелерин сақлаў ҳәм импортқа мөлшерленген және заманагөй технологиялар менен тәмийинленген. Тийкарғы шериклери Ирақ, Бирлескен Араб Әмирликлери, Россия ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери болып есапланады. Компания бир жылда 4 миллион тонна цитрус мийўелерин сырт елге экспорт етеди.
Сөйлесиў ўақтында компания басшылығына Өзбекстанның потенциалы ҳаққында мағлыўмат берип, мәмлекетимизге инвестиция киргизиў ҳәм бул логистика орайының жойбарын әмелге асырыў усынысы билдирилди.
Иран тәрепи Өзбекстан менен цитрус мийўелери, соның ишинде, киви, лимон, апельсин ҳәм мандарин өнимлерин жетистириў, сақлаў, қадақлаў ҳәм экспортқа таярлаў бағдарларында бирге ислесиўди жолға қойыўға таяр екенин билдирди, деп хабар береди «Дунё» ХА.