"Өзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, ертең Ташкент қаласында ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Түнде ҳәм азанда думан түсиўи мүмкин. Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 1-3 градус суўық, күндиз 6-8 градус жыллы болады.

Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаяты;

ҳаўа алағат бултласып, айырым жерлерде қар жаўады. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 4-9 градус суўық, күндиз 2-7 градус жыллы болады.

Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятлары;

Ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде бираз жаўын-шашын (жаўын, қар) болыўы мүмкин. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде -2 градус суўық-3 градус жыллы, шөл аймақларында 3-8 градус суўық, күндиз 3-8 градус жыллы болады.

Ташкент, Сырдәрья, Самарқанд, Жиззақ ўәлаятлары;

Ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде бираз жаўын-шашын (жаўын, қар) болыўы мүмкин. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде -3 градус суўық-2 градус жыллы, күндиз 3-8 градус жыллы болады.

Қашқадәрья, Сурхандәрья ўәлаятлары;

Ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде бираз жаўын-шашын (жаўын, қар) болыўы мүмкин. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде -2 градус суўық-3 градус жыллы, күндиз 7-12 градус жыллы болады.

Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятлары;

Ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде бираз жаўын-шашын (жаўын, қар) болыўы мүмкин. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде -2 градус суўық-3 градус жыллы, күндиз 5-10 градус жыллы болады.

Республиканың таўлы аймақлары;

Ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде қар жаўады, думан түсиўи мүмкин. Жолларда музғалақ бақланады. Ташкент ҳәм Наманган ўәлаятларында қар көшиўи қәўпи бар. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 5-10 градус суўық, күндиз 3 градус суўық-2 градус жыллы болады.