"Өзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, ертең Ташкент қаласында ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 22-24 градус, күндиз 37-39 градус болады.
Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаяты;
Ҳаўа бираз бултлы, айырым жерлерде өзгерип турады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 9-14 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде шаң-тозаңлар менен бақланады. Ҳаўаның температурасы түнде 20-25 градус, күндиз 36-41 градус жыллы болады.
Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятлары;
ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейеди, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланады. Ҳаўаның температурасы түнде 20-25 дәреже, шөл аймақларында айырым жерлерде 27-30 дәрежеге шекем, күндиз 37-42 дәреже болады.
Ташкент, Сырдәрья, Жиззақ, Самарқанд ўәлаятлары;
Ҳаўа бираз бултлы, айырым жерлерде өзгерип турады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 20-25 градус, күндиз 34-39 градус болады.
Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрья ўәлаятлары;
ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 22-27 градус, күндиз 37-42 градус жыллы болады.
Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятлары;
Ҳаўа бираз бултлы, айырым жерлерде өзгерип турады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 5-10 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 20-25 градус, күндиз 34-39 градус жыллы болады.
Республиканың таўлы аймақлары;
Ҳаўа бираз бултлы, айырым жерлерде өзгерип турады, айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўады, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 15-20 градус, күндиз 27-32 градус жыллы болады.