"Өзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, ертең Ташкент қаласында ҳаўа бираз бултлы болады, түнде жаўын жаўады, гүлдирмама болыўы мүмкин, күндиз жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 5-10 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 15-17 градус, күндиз 26-28 градус жыллы болады.
Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаяты;
ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 11-16 градус, күндиз 23-28 градус жыллы болады.
Наўайы ҳәм Бухара ўәлаятлары;
ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 11-16 градус, күндиз 25-30 градус жыллы болады.
Ташкент ўәлаяты;
Ҳаўа бираз бултлы болады, түнде ҳәм азанда айырым жерлерде жаўын жаўады, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 12-17 градус, күндиз 25-30 градус жыллы болады.
Сырдәрья, Жиззақ, Самарқанд ўәлаятлары;
ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 12-17 градус, күндиз 25-30 градус жыллы болады.
Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрья ўәлаятлары;
ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 15-20 градус, күндиз 28-33 градус жыллы болады.
Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятлары;
Ҳаўа бираз бултлы болады, түнде ҳәм азанда айырым жерлерде жаўын жаўады, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самал шығыстан 5-10 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 10-15 градус, күндиз 23-28 градус жыллы болады.
Республиканың таўлы аймақлары;
ҳаўа алағат бултласып, ўақты-ўақты менен жаўын жаўады, түнде ҳәм азанда айырым жерлерде күшли болыўы мүмкин. Гүлдирмама бақланыўы мүмкин. Ташкент, Наманган ўәлаятларының таўлы аймақларында қар көшиў қәўпи бар. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 4-9 градус, күндиз 15-20 градус жыллы болады.