Соңғы жылларда елимизде халқымыз арасында саламат турмыс тәризин енгизиў, ғалабалық спортты кең түрде-үгит-нәсиятлаў мәселеси мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилип, физикалық жақтан жетик, саламат әўладты тәрбиялаў бағдарында нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта.
Президентимиз басшылығында денетәрбия ҳәм спорт тараўындағы тийкарғы ўазыйпаларға арнап өткерилген видеоселектор мәжилисинде белгиленген ўазыйпалардан келип шығып, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында ерте таңнан профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар қатнасыўында азанғы дене шынықтырыў илажы шөлкемлестирилди. Өткерилген илажға институт профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жасларынан ибарат 800 ден аслам адамлар қатнасты.
Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,
«Янги Ўзбекистон» хабаршысы.