баннер
23 Mar 2025
03:08

    Европа Аўқамы Өзбекстанның ЖСШға ағза болыўын қоллап-қуўатлайды

    Өзбекстан Европа Аўқамы менен ЖСШға ағза болыў бойынша хызметлер бағдарындағы сөйлесиўлер жуўмақланды.

    Бул ҳаққында Өзбекстан Президентиниң Жәҳән саўда шөлкеми мәселелери бойынша арнаўлы ўәкили Азизбек Урунов өзиниң социаллық тармақлардағы бетинде мәлим етти.

    "Бул ҳәпте Брюсселде биз Европа Аўқамы менен ЖСШға ағза болыўымыз бойынша нәтийжели еки тәреплеме сөйлесиўлер өткердик.

    Хызметлер бойынша сөйлесиўлер жуўмақланғанын жәриялаўдан қуўанышлыман.

    Товарлар бойынша еле де айырым жумысларды ислеўимиз керек, жақын айларда жуўмақлаў нәзерде тутылған.

    Сондай-ақ, "DG Trade" басшылығы менен болып өткен ушырасыўда Өзбекстанды келеси жылы МС14 тәрепинен ЖСШға қосылыўында Европа Аўқамының толық қоллап-қуўатлаўын еситиў қуўанышлы болды", - деди ол.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech