баннер
25 Mar 2025
17:35

    Дүньядағы ең ири саўда майданы

    Жуўмақланып атырған жыл Өзбекстан ушын ЖСШға ағза болыў жолында ең нәтийжели дәўир болды

    Жәҳән саўда майданында еркин бәсеки орталығы, үлкен базардың барлық қатнасыўшылары ушын тең ҳуқық ҳәм имканиятлар, бирдей шараятлар жаратыў қағыйдасы бар. Онда монополия, айырым бизнес ийелери ушын қосымша жеңилликлер, айрықша берилетуғын жәрдемлерге жол қойылмайды. Базар қатнасыўшылары тең ҳәм әдил қағыйдалар бойынша ойнаўға мәжбүр, саламат бәсекиге шыдам бере алғанлар ғана үлкен майданда орнын сақлап қалады. Бул дүньядағы ең абырайлы экономикалық структура - Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўдың тийкарғы шәртлеринен бири.

    Дүнья экономикасында өз орнын барған сайын беккемлеп, ҳәттеки тийкарғы фигураға айланған, жәҳән саўдасының 99 процентин қурайтуғын ири халықаралық шөлкем ҳаққында бийкарға сөз баслағанымыз жоқ. Кейинги жыллары Өзбекстан бул шөлкемге ағза болыўға умтылып атырғаны, усы жолда анық ўазыйпаларды алдына қойғаны фонында әпиўайы адамлар да ЖСШ ҳаққында тез-тез еситип атыр. Мәмлекетимиз 2026-жылы Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўды мақсет еткенлиги ҳәрекетлерди және де жеделлестирди. Экономистлер, аналитиклерден баслап ўатанласларымыз да халықаралық шөлкемге ағза болыўға қаратылған процесслерди бақлап бармақта. Алдында қалған бир ярым жыл ишинде ЖСШның барлық талапларын орынлап, оның толық ағзасына айланыўымызға исенбегенлер де бар. Бирақ быйылғы, әсиресе, соңғы айлардағы жедел ҳәрекетлер Өзбекстанды ЖСШға ағза болыўға барған сайын жақынластырып атырғаны тән алынбақта. Нәтийжеге болған исеним және де беккемленди.

    Үлкен базарға жол

    Жәҳән саўда шөлкеминиң орны ҳәм абырайы дүнья экономикасында оғада үлкен. Халық аралық структураға 1995-жыл 1-январьда тийкар салған болса да, оның тарийхы 1947-жылға барып тақалады. Сол ўақытта 20 дан аслам мәмлекет биргеликте шөлкем жумысын жолға қойған. 1995-жылға келип хизмети жаңаланып, Жәҳән саўда шөлкеми аты менен атала баслады. Ҳәзирги ўақытта структура 166 мәмлекетти бирлестиреди ҳәм бул планетамыздағы мәмлекетлердиң 97 проценти, дегени. Қызығы, олардың арасында елеге шекем Өзбекстан аты жоқ.

    Бул дерлик 30 жыллық тарийх. Өзбекстан 1994-жылы, яғный шөлкем дүзилетуғыны айтылып атырғанда-ақ оған ағзалыққа арза берген. Арадан 30 жыл өткен болса да, елеге шекем ағзалар қатарында емеспиз. Мәмлекетимиз шөлкемге кириўге ең көп ўақыт жумсаған, рекорд қойған мәмлекетлер қатарында. Буның бир қатар себеплери бар. Бәринен бурын, 2005-жылы елимиздиң ағзалыққа болған ҳәрекетлери пүткиллей тоқтатылып, музлатып қойылған. Шавкат Мирзиёев Президентликке келгенинен кейин бул ҳәрекетлер 2018-жылдан қайта басланды. 2020-жыллардан жумыслар және де жеделлесип, мәмлекетимиздиң экономикалық сиясатында халықаралық стандартларға бейимлесиў жеделлести. Себеби ЖСШға ағза болыў бир неше арза ҳәм киши реформалар менен жуўмақланатуғын жумыс емес. Шөлкемниң ҳәр бир мәмлекети қоятуғын талаплары, халықаралық базарға бейимлесиў шәртлери, ҳәмме ушын пайдалы ҳуқықый тийкарлар зәрүр.

    Көпшилик Өзбекстанның оған таяр екенин күтпеген еди. Бирақ елимиз Жәҳән саўда шөлкеминиң 2026-жылы Камерунда болып өтетуғын 14-министрлер конференциясына шекем шөлкемге ағза болыўды режелестирген. Бул жолда мәмлекетимиз басшысының исенимли ерк-ықрары менен ҳақыйқый мәнистеги әмелий реформалар болып өтпекте. Президенттиң усы жыл 3-июньдеги "Базар реформаларын буннан былай да жеделлестириў ҳәм Өзбекстан Республикасының миллий нызамшылығын Жәҳән саўда шөлкеминиң келисимлерине муўапықластырыў бойынша гезектеги илажлар ҳаққында"ғы пәрманы болса усы ўақытқа шекем ЖСШға ағза болыў жолындағы ең үлкен ҳәм салмақлы қәдем болды. Бул ҳүжжет өзбек халқы ҳәм тутыныўшылар ушын жүдә көп теңлик бериўди нәзерде тутады. Усы ўақытқа шекем елимиз турмысында ЖСШға ағза болыў жолында бундай үлкен өзгерис болмағаны экономистлер тәрепинен де тән алынады.

    - Жәҳән саўда шөлкеми мәмлекетлераралық көп тәреплеме саўда системасын муўапықластырып туратуғын абырайлы халықаралық структура, - дейди экономика илимлериниң докторы Элмурод Ҳошимов. - Оған ағза болыў Өзбекстанның экономикалық потенциалын арттырыў ҳәм глобал экономикада қатнасыўы ушын үлкен имканиятлар жаратады. Соның ишинде, миллий өнимлерди халықаралық базарларға киргизиў, саўда көлемин көбейтиў, сырт ел инвестицияларын тартыў аңсатласады. Мәмлекетте экономикалық реформаларды және де жеделлестириўге хошамет пайда болады. Халықаралық шөлкемге ағзалық экономикалық жақтан өсип баратырған Өзбекстан ушын терең ойланған ҳәм узақ мүддетли мәплерди гөзлеген қарар болып, миллий экономиканы либералластырыў ҳәм глобалласыў процесиниң әҳмийетли бөлеги болып есапланады.

    ЖСШ талапларына бейимлесиў процесиндеги экономикалық реформалар тек ғана экспорт көлемин арттырыў емес, ал халықтың турмыс дәрежесин жақсылаўға да хызмет етти. Бул реформалардың әҳмийетли бөлеги болса нызамлы тийкарларды жаратыўдан басланады. Сол себепли, ЖСШ талапларына жуўап беретуғын миллий нызамшылық базасын жаңалаў, халықаралық саўда қағыйдаларына муўапықластырыў, бажыхана ҳәм саўда тәртиплерин халықаралық стандартларға бейимлестириў жумыслары жедел алып барылмақта. Процессте 24 жаңа нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилип, 40 бар ҳүжжет қайта көрип шығылды. ЖСШның "миллий режим" принципине муўапық, жергиликли ҳәм сырт ел исбилерменлери ушын теңдей имканиятлар жаратылмақта.

    Исбилерменлик субъектлери ҳәм интеллектуаллық мүлк ҳуқықлары ушын мәмлекетлик дизимнен өткериўде жергиликли ҳәм сырт елли шахслар ушын бирдей мәмлекетлик бажылар енгизилди. Буннан тысқары, Әдиллик министрлигинде миллий нызамшылықты ЖСШ келисимлерине үйлестириў бойынша арнаўлы басқарма шөлкемлестирилгеннен берли 700 ден аслам нызамшылық ҳүжжети жойбарлары ЖСШ қағыйдаларына муўапықлығы бойынша экспертизадан өткерилди.

    Қойылған талапларды бирден орынлаў аңсат емес, процесс басқышпа-басқыш даўам етеди. Соған қарамастан, 2024-жыл елимизде ЖСШға қосылыў жолындағы жумысларының ең нәтийжели ҳәм жеделлескен дәўири болды, деп айта аламыз. Тек ғана бажыхана ҳәм саўда тәртиплерин халықаралық стандартларға муўапықластырыўда сезилерли қәдемлер қойылғаны, экспортёрлар ушын салық жеңилликлери ҳәм қаржылай жәрдем бағдарламалары кеңейтилгенлиги ҳаққында жүдә көп айтыўымыз мүмкин.

    Соның ишинде, жаңа базарларға кириў бойынша бир қатар мәмлекетлер менен саўда келисимлерине қол қойылып, экспорт процесслерин автоматластырыў арқалы халықаралық базарларға шығыў ўақты қысқартылды. ЖСШ талапларына муўапық, ишки базарды модернизациялаў процесинде 340 жаңа миллий стандарт қабыл етилди. Санитариялық ҳәм фитосанитариялық илажларды енгизиў арқалы аўыл хожалығы өнимлериниң сапасы жақсыланды. Булардың есабынан быйыл Өзбекстан ЖСШға ағза болыў бойынша сезилерли нәтийжелерге еристи.

    Ҳақыйқый ҳәм әдил ойын

    Нәтийжелерди халықаралық экспертлер, шөлкемге ағза мәмлекетлер де тән алмақта. Буны өз-ара ушырасыўлар, сөйлесиўлер даўамында бақлап бармақтамыз. Гәп сонда, ЖСШға ағза болыўда жумысшы топар мәжилислери оғада әҳмийетли есапланады. Бундай мәжилислерде халықаралық шөлкемниң 166 ағзасы Өзбекстан ўәкиллерин сораўға тутады. Мәселен, Қазақстан 20, Россия 30 сөйлесиў мәжилисинен соң ЖСШ ағзалығына қабыл етилген.

    Өзбекстанның соңғы үш жумысшы топары мәжилислери 2022-жылдың июнь, 2023-жылдың март ҳәм ноябрь айында болғанына, және 2024-жылы өткерилген еки мәжилис әдеўир тез әмелге асқанын көриў мүмкин. Бул ҳүкимет ЖСШға ағза болыўды тезлестириўге урынып атырғанынан дәрек береди. Соған қарамастан, усы жылдың гүз айларына шекем де халқымыз, ҳәттеки экономистлерде елимиздиң бул бағдардағы мақсетине ерисиўи, қалған қысқа ўақытта көплеген мәмлекетлер менен сөйлесиўлерди жуўмақлаўына исенбеген еди. Бирақ, соңғы еки айда процесслер бирден тезлесип, көпшиликти асықтырды. Мәмлекетимиз шөлкемге ағза бир неше мәмлекетлер менен сөйлесиўлерди табыслы жуўмақлаўға еристи. Олардың арасында ЖСШның ең ири ағзалары - АҚШ ҳәм Қытай да бар.

    Дәслеп усы жылдың 4-ноябрь күни Өзбекстан АҚШ пенен Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў бойынша сөйлесиўлерди жуўмақлағаны мәлим етилди. Рәсмий Вашингтон менен шөлкемге ағзалықты қоллап-қуўатлаў бойынша еки тәреплеме сөйлесиўлер 14 ай даўам етти. Ақырында исеним билдирилип, АҚШ Өзбекстанға бул мәселеде жәрдем көрсеткен жигирма биринши мәмлекетке айланды. Усы жылдың 19-декабрьинде болса АҚШ Өзбекстан менен ЖСШға ағза болыў жолындағы еки тәреплеме базарға кириў сөйлесиўлери жуўмақланғанын рәсмий жәриялады.

    Ноябр айының ақырғы күнлеринде Қытай менен де еки тәреплеме сөйлесиўлерди жуўмақлаўға еристик. "Жыл жуўмағы Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағзалығы бойынша оғада мазмунлы болмақта - еки ең ири глобал саўда ийелери - АҚШ ҳәм Қытай менен сөйлесиўлер жуўмақланды. 22 мәмлекет пенен сөйлесиўлер жуўмақланды, көп қалмады!" деп мәлим етти Өзбекстан Президентиниң Жәҳән саўда шөлкеми мәселелери бойынша арнаўлы ўәкили Азизбек Орунов.

    Арадан қөп ўақыт өтпей, быйыл декабрь айының басында Филиппин де Өзбекстанды қоллап-қуўатлады ҳәм соңғы еки ай ишинде сөйлесиўлерди жуўмақлаған төрт мәмлекеттен бирине айланды. Бир неше күн өтип, Өзбекстан Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў бойынша және еки мәмлекет - Пакистан ҳәм Таиланд пенен еки тәреплеме сөйлесиўлерди жуўмақлады.

    - 2024-жыл шынында да Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў жолындағы ең нәтийжели жыллардың бири болды, - дейди экономика илимлериниң докторы, профессор Валижон Тўрақулов. - Буны әмелий ҳәрекетлер де, ерисилип атырған нәтийжелер де көрсетип тур. Сөйлесиўлер белсендилигиндеги өсиў айқын көзге тасланбақта. Мәселен, 2018-жылы мәмлекетимиздиң ЖСШға ағза болыўына қайта старт берилген болса, арадан еки жыл өтип, яғный 2020-жылдан жумысшы топар ушырасыўлары рәсмий түрде басланған еди. Себеби жумысшы топар ушырасыўлары Жәҳән саўда шөлкеминиң Женевадағы офисинде өткериледи ҳәм қәлеген ўақытта шөлкемлестириле бермейди. Қандайда бир әҳмийетли тийкар болғанда ғана жумысшы топар ағзалары жыйналады. Мине, енди быйылғы жағдайға итибар қаратамыз.

    - 2024-жылдың өзинде Өзбекстан ЖСШ шеңбериндеги еки жумысшы топар ушырасыўын өткериўге үлгерди. Бундай жағдай жәҳән тәжирийбесинде аз ушырасады. Себеби, әдетте, жумысшы топар ушырасыўлары бир ямаса еки жылда бир мәрте өткериледи. Демек, Өзбекстан тәрепи усы жылы 8 ҳәм 9 ушырасыўларын өткериўге ерискени шөлкемге ағзалыққа болған қәдемлердиң және де тезлескенин билдиреди.

    Екиншиси, мәмлекетимиз басшысының усы жыл 3-июньге шекемги пәрманы менен елимиздеги монопол шөлкемлерди жоқ етиўге қаратылған үлкен қәдемлер болды. Бир қатар монополистлердиң бир неше он жыллар даўам еткен ҳәм алдынғы дәўирден қалған, кейин ала жаңа дәўирде күшейген бир қатар эксклюзив ўәкиллик ҳәм ҳуқықлары басқышпа-басқыш бийкар етилмекте, яғный айрықша ҳуқықлар олардан алып қойылмақта. Себеби ЖСШға ағза болыўдың тийкарғы шәртлеринен бири экономикада ҳәммеге тең шараят жаратыў болып есапланады. "Ямаса ҳәммеге бирдей преференциялар бер, ямаса ҳеш кимге берме, ҳәмме ҳадал ойнасын" деген принципке әмел етиледи.

    Жыл даўамында үшинши көзге тасланған тәрепи, бул әлбетте, мәмлекетлер менен сөйлесиўлерди жуўмақлаў мәселеси. Өзбекстан 33 ағза мәмлекет пенен еки тәреплеме сөйлесиўлер өткерген еди, ҳәзир олардың ярымынан көби сөйлесиўлерди жуўмақлады. Бул жүдә үлкен нәтийже. Усы жылдың өзинде ең тийкарғы мәмлекетлер болған АҚШ ҳәм Қытай менен сөйлесиўлерди жуўмақладық, қалған мәмлекетлер де келисимге ериспекте. Әдетте, ЖСШға ағзалық ушын еки түрдеги - еки ҳәм көп тәреплеме сөйлесиўлер өткериледи. Ҳәзирги ўақытта даўам етип атырған еки тәреплеме келисимлер жуўмақланғаннан соң, көп тәреплеме сөйлесиўлерге өтиледи. Ол салыстырмалы аңсат өтиўши процесс. Себеби оған шекем тийкарғы саўда шериклери менен шәртнамаларға қол қойылған болады. Шөлкемге ағза мәмлекетлер министрлериниң 2026-жылы болып өтетуғын ушырасыўы декабрьден март айына көширилгени ўақытты және де қысқартты. Усы жағынан Өзбекстанның ЖСШға ағзалығы жолындағы соңғы айлардағы жедел ҳәрекетлерин нәтийжели, деп баҳалаў мүмкин. 2026-жылы Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўымызға исенимимиз жоқары.

    Жәҳән саўда шөлкеми - жүдә үлкен базар, 166 мәмлекет пенен өз-ара саўда байланыслары жеке меншик сектор ушын ҳақыйқый бәсеки майданы болып есапланады. Шөлкемге ағза болыў ҳәр қандай мәмлекет экономикасында бир қанша өсиўди тәмийинлейди. Бул бағдарда жетерли таллаўлар, есап-санақлар исленген. Жәҳән банки ўәкиллери Өзбекстанның ЖСШға ағза болғаннан кейин күтилип атырған әҳмийетли экономикалық имканиятлары ҳаққында бир қатар пикирлерди билдирди. Атап айтқанда, олардың есап-санақларына бола, шөлкемге ағза болғанымыздан кейин 5-7 жыл ишинде мәмлекетимиз жалпы ишки өними қосымша 17 процент өсиўи мүмкин. Хызметлер тараўы бул өсиўдиң тийкарғы факторларынан бири сыпатында атап өтилген.

    Экономистлердиң атап өтиўинше, Өзбекстанның ЖСШға ағза болыўы, бәринен бурын, дүньяның оғада үлкен базарына жол ашық, дегени. Усы ўақытқа шекем өнимлеримиз тийкарынан Орайлық Азия мәмлекетлерине шыққан болса, енди дүнья мәмлекетлерине кирип барады. Бирақ ЖСШға ағза болыўдың өз талаплары да бар ҳәм олардан ең әҳмийетлиси саўдадағы еркинлик. Қалаберсе, дүнья мәмлекетлерине ашылыў, экономикада мәмлекеттиң үлесин сезилерли азайтыў, монополияға шек қойыў ҳәм тағы басқалар. Бул талаплар мәмлекет экономикасының базар экономикасы принциплерине өтиўин талап етеди. Бул дегени, мәмлекеттиң экономикаға араласыўы шеклениўи керек. Мақсет болса халықаралық стандартларға бейимлесиўге қаратылған. Оған таяр болған мәмлекетлер ғана шөлкем талапларын орынлай алады.

    Негизинде бул исбилерменликти буннан былай да раўажландырыў ушын да үлкен имканият. Монополлар саясында қалып атырған кәрхана ийелериниң ийнине қуяш тийеди. Қандай бизнес болыўына қарамастан, еркин ҳәм ашық, ҳәмме ушын тең базар майданында бәсекиге кириседи. Мине усы тәрепи көпшиликти қорқытып, ойландырып қойып атырған болса керек.

    Мақаланы қызық бир мағлыўмат пенен жуўмақлайман. Көплеген мәмлекетлерде, ҳәттеки Қытайда да Жәҳән саўда шөлкемине кириўде исенимсизлик, қорқыў болған. Бирақ, бүгинги күнге келип, ол дүньяның ең раўажланған мәмлекетлери арасында жетекшилер қатарында. Жер жүзинде Қытай брендлери кирип бармаған мәмлекет қалмаған шығар. Не болғанда да, дүньяның 97 процент мәмлекети ЖСШ ағзасы екени ҳаққында жоқарыда атап өткен едик.

    Ирода ТОШМАТОВА,

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech