Оның атап өтиўинше, 2024-жылы Өзбекстан бул бағдарда үлкен қәдем таслады. Бул Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен алып барылып атырған қатаң экономикалық реформалар нәтийжесинде әмелге асырылды. Атап айтқанда, өткен жылы ЖСШ Исши топары еки әҳмийетли мәжилисти өткерди.
Сондай-ақ, АҚШ, Қытай ҳәм Япония сыяқлы 15 мәмлекет пенен еки тәреплеме сөйлесиўлер жуўмақланды. Нәтийжеде Өзбекстан есабында 23 қол қойылған келисим бар.
Қысқа ўақыт ишинде бизнести ҳәм бәсекини және де ашық-айдын етиў ушын 20 әҳмийетли нызам қабыл етилди.
"Тез арада Шөлкемниң толық ағзасы болыў ушын быйыл да биз усы пәтте даўам етемиз. Бул мәмлекетимиздиң инвестициялық тартымлылығын арттырыўы ҳәм өзбек бизнесиниң регионаллық ҳәм глобаллық қосымша қун шынжырларына кирип барыўын тәмийинлеўи керек.
ЖСШға ағзалық ҳәм мәмлекет басшысы тәрепинен алып барылып атырған реформалардың жуўмақлаўшы мақсети, сөзсиз, халқымыздың абаданлығын тәмийинлеў, оған мүнәсип жумыс орынларын жаратыў ҳәм экономиканы басқарыўды нәтийжелирек системаға өткериў болып есапланады", делинеди Саида Мирзиёеваның берген мағлыўматында.