Миллий сайланды командамыздың жыйыны усы жылдың 6-26-май күнлери Ташкент қаласындағы Миллий футбол орайы базасында болып өтеди. Бул дәўирде команда Суперлига клубларына қарсы жабық тәриздеги қадағалаў ойынларын өткереди.
Атап өтилиўинше, жыйын командамыздың жәҳән чемпионатына таярлығын күшейтиў ҳәм футболшылардың жарыс шараятындағы таярлығын баҳалаўға қаратылған.