Усы жылдың апрель айында Ферғана ўәлаяты делегациясының Қытайға сапары ўақтында саўда ҳәм инвестиция тараўларында бир қатар әҳмийетли келисимлерге ерисилген еди.
Атап айтқанда, бул сапар етиў даўамында Өзбекстан районындағы " Yahyohon Trade-2020" шаңарақлық кәрханасы ҳәм қытайлы бирге ислесиўшилер арасында 5 миллион долларлық мийўе-овош өнимлерин Экспорт етиў шәртнамасы ҳәм 10 миллион долларлық перспективалы инвестициялық келисимлерге қол қойылды.
Күни кеше бул бирге ислесиўди әмелий көриниси сыпатында Қытайдың Урумчи қаласы, Чжесзян, Шандун ҳәм Хебей провинцияларында жумыс алып барып атырған компаниялардың ўәкиллери Өзбекстан районына келди. Мийманлар жергиликли исбилерменлердиң жумысы, экспорт имканиятлары менен жақыннан танысты.
Итибарлы тәрепи, бирге ислесиў келисимлери тийкарында " Yahyohon Trade-2020" кәрханасы тәрепинен қайта исленген мийўе-овощ өнимлериниң дәслепки бөлеги Қытайға экспорт етилди.