Фахриддин Ҳамраев Нью-Делиде болып өткен пара жеңил атлетика бойынша жәҳән чемпионатында Өзбекстанға алтын медаль алып келди

    Спорт 4 қазан 2025 553

    Ҳиндстанның Нью-Дели қаласында пара жеңил атлетика бойынша өткерилип атырған жәҳән чемпионатында Өзбекстан сайланды командасы төртинши алтын медалды қолға киргизди.

    Жерлесимиз Фахриддин Ҳамраев Т12 класындағы 400 метрге жуўырыў бойынша финал беллесиўинде жеңимпаз болды. Спортшымыз 50,11 секунд нәтийже менен екинши орынды ийеледи, бирақ биринши болып финишке келген марокашлы Маҳди Афри регламентти бузғаны ушын дисквалификацияланып, алтын медаль Ҳамроевқа несип етти.

    Еркеклер арасында 400 м ге жуўырыў нәтийжелери (Т12):

    Алтын: Фахриддин Хамраев (Өзбекстан) - 50,11 с.

    Гүмис: Оғуз Ақбулут (Түркия) - 50,84 с.

    Бронза: Киссанапонг Тисуван (Таиланд) - 50,98 с.

    Бул жеңистен кейин Өзбекстан сайланды командасының медаллар саны 10 ға жетти: 4 алтын, 4 гүмис ҳәм 2 бронза.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates