Ферғана ўәлаяты Өзбекстанда ғәлле ҳәм собықлы егинлер жетистириў бойынша жетекши

    6 қараша 2025 539

    Миллий статистика комитетиниң дәслепки мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-сентябрь айларында республикамыздың барлық категориядағы хожалықлары тәрепинен 8,4 млн тонна ғәлле ҳәм собықлы дән егинлери жетистирилген болып, бул 2024-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 11,2 процентке артқан.

    Аймақлар кесиминде ең көп өним Ферғана ўәлаятында - 956 263 тонна, оннан кейин:

    Қашқадәрья ўәлаяты - 880 946 тонна;

    Самарқанд ўәлаяты - 859 133 тонна;

    Сурхандәрья ўәлаяты - 826 549 тонна;

    Жиззақ ўәлаяты - 709 198 тонна.

    Ғәлле ҳәм собықлы дән өними көлеми бойынша ең төмен көрсеткишлер:

    Қарақалпақстан Республикасы - 255 146 тонна;

    Наўайы ўәлаяты - 285 428 тонна.

    Мағлыўматлар аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўдың аймақлық көрсеткишлерин таллаў ҳәм тараўды буннан былай да раўажландырыўды режелестириўге жәрдем береди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates