Франция раўажланыў агентлиги Өзбекстан менен бирге ислесиўди кеңейтиў нийетинде

    16-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигинде министр Лазиз Қудратовтың Франция раўажланыў агентлигиниң (ФРА) Орайлық ҳәм Шығыс Азия бойынша регионаллық директоры, Қытай бойынша директоры Амели Обер менен ушырасыўы болып өтти.

    Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер энергетика, суў тәмийнаты, инфраструктура ҳәм экология тараўларында әмелге асырылып атырған бирге ислесиў ҳәм перспективалы жойбарларды додалады. Турақлы раўажланыў, заманагөй технологияларды енгизиў ҳәм әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

    Бирге ислесиў дәўиринде ФРА Өзбекстанда 1,6 миллиард евродан аслам баҳадағы 13 ири жойбарды қаржыландырған. Амели Убердиң атап өтиўинше, республика агентликтиң жигирма ең ири шериклери қатарына киреди ҳәм келешектеги бирге ислесиў ушын тийкарғы мәмлекетлерден бири сыпатында қаралмақта.

    Ушырасыў жуўмағында тәреплер бирге ислесиўди тереңлестириў ҳәм Өзбекстан ушын стратегиялық әҳмийетке ийе жаңа қоспа жойбарларды әмелге асырыўға таяр екенин тастыйықлады.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates