баннер
12 Apr 2025
07:46

    Пуқаралардың сырт елде ислеген дәўири жумыс стажына есаплана ма?

    Бул сораў сырт елде жумыс ислеп атырған ҳәм сырт мәмлекетке кетпекши болған ўатанласларымызды қызықтырыўы тәбийий. Бул хабарда оларды қызықтырған сораўларға жуўаплар толық келтирилген.

    Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 13-октябрьдеги "Мәмлекетлик пенсияларды тайынлаў ҳәм төлеў тәртиби ҳаққында"ғы 592-санлы Қарары менен тастыйықланған режеге муўапық сырт елде жумыс ислеў дәўирлери:

    - мийнет шәртнамасы тийкарында сырт елде ықтыярый түрде жумыс ислеп атырған Өзбекстан Республикасы пуқаралары 2019-жыл 1-январьға шекемги болған дәўир ушын - Пенсия қорына белгиленген қамсызландырыў төлемлери;

    - 2019-жыл 1-январьдан 2019-жыл 31-декабрьге шекемги болған дәўир ушын төленген бирден-бир социаллық төлем;

    - 2020-жыл 1-январьдан кейинги дәўир ушын - социаллық салықлар төленген дәўир жумыс стажына қосып есапланады.

    Мийнет шәртнамасы тийкарында сырт елде ислеп атырған пуқара өзи ушын бар имканиятлар ҳәм пенсия менен тәмийинлениўдиң муғдарынан келип шығып социаллық салықты төлеўди төмендеги тәртипте әмелге асырыў ҳуқықына ийе:

    - ҳәр айда яки ҳәр шеректе;

    - бир ўақыттың өзинде - Өзбекстан Республикасына келген күнинен баслап үш жыл даўамында. Бунда шахстың Өзбекстан Республикасына кирип келгенлиги факты шахстың паспортындағы, соның ишинде, сырт елге шығыў биометрикалық паспортындағы ҳәм ямаса Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң "Мәнзил" мәлимлеме системасынан алынған мағлыўматлар тийкарында анықланады.

    Сырт елде болыў дәўири мийнет дәптершесиндеги жазыўлар ямаса жумыс бериўши тәрепинен усынылған мийнет шәртнамасына байланыслы мағлыўматнамалар ямаса Өзбекстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң “Labor-migration” программалық комплексиндеги мағлыўматлар, шахстың паспортындағы, соның ишинде, сырт елге шығыў биометрикалық паспортындағы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик шегарасын кесип өткенлиги ҳаққындағы жазыўлар ( мөрлер, штамплар ямаса белгилер) тийкарында тастыйықланады.


    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech