Турнир дәстүрий түрде тек ғана абырайлы сыйлық ушын гүрес емес, ал Олимпиада ойынларына таярлықтың әҳмийетли басқышы сыпатында да көрип келинеди, соның ушын да ҳәр бир ойын принципиаллық ҳәм мазмунлы болыўға ўәде береди.
Быйылғы жарыстың өзине тән өзгешелиги сонда, Саудия Арабстанына U21 жас категориясындағы сайланды командамыз жол алды. Жарыс жаңа олимпиада командасын қәлиплестириў ҳәм миллий футболдың жақын резервлерин сынақтан өткериў ушын әҳмийетли майдан болады.
Өзбекстанлылар "В" топарында қатнасады. Дәслепки ойынды 7-январь күни Ливан сайланды командасына қарсы өткеремиз. Буннан кейин Иран менен ушырасыўлар (10-январь), сондай-ақ, Қубла Корея сайланды командасы менен топар басқышындағы беллесиўлер (13-январь) жуўмақланады. Әйне усы ушырасыўлар жуўмағында плей-оффда медаллар ушын гүрести даўам еттиретуғын командалар анықланады.
Саудия Арабстанында өткерилетуғын жарыс Өзбекстан жас футболшылары ушын Азия майданында өзин көрсетиў, бийбаҳа халықаралық тәжирийбе арттырыў ҳәм Олимпиада ойынларында қатнасыў әрманына жақынласыў имканияты болады.