Газ, "свет" ҳәм суў тармақларына нызамсыз жалғанып, оларды урлағаны ушын жуўапкершилик күшейтиледи

    24 маусым 2025 1179

    Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде "Жанылғы-энергетика тараўындағы ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў механизмлерин жетилистириўге қаратылған" нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылды.

    Атап өтилгениндей, соңғы жыллары мәмлекетимизде энергетика тараўын модернизациялаў, энергия ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў, тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм есап-санақ системасын ашық-айдын етиў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.

    Соның менен бирге, тараўда жүзеге келип атырған ҳуқықбузарлықларға қарсы нәтийжели гүресиў, жуўапкершиликти күшейтиў ҳәм қадағалаў механизмлерин жетилистириў әҳмийетли ўазыйпалардан бирине айланған.

    Ҳуқықты қолланыў әмелияты соннан дәрек береди, исбилерменлик субъекти тәрепинен электр ҳәм ыссылық энергиясын бийкарға жумсаў, тәбийғый газден жанылғы ямаса шийки зат сыпатында пайдаланыў менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар исленген жағдайда жуўапкершиликке тек ғана шөлкемлердиң лаўазымлы шахслары тартылмақта. Бул бағдарда ҳуқықбузарлық ислеген жеке тәртиптеги исбилерменлерди болса жуўапкершиликке тартыў тийкарлары белгиленбеген.

    Атап айтқанда, 2024-жылы жеке тәртиптеги исбилерменлер тәрепинен энергияны бийкарға жумсаў менен байланыслы 17,6 мың, газден жанылғы ямаса шийки зат сыпатында пайдаланыў қағыйдаларын бузыў менен байланыслы 7,6 мың жағдай анықланған.

    Буннан тысқары, Өзэнергоинспекцияның ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққында протокол дүзиў ўәкилликлери нызам ҳүжжетлеринде анық белгиленбеген. Ишки ислер уйымлары ҳәм Айрықша жағдайлар министрлиги хызметкерлерине де бул тараўда ҳәкимшилик протокол рәсмийлестириў ўәкиллиги берилмеген.

    Соннан келип шығып, бул нызам жойбары менен Өзэнергоинспекцияның ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар бойынша протокол рәсмийлестириў ўәкиллиги анық белгиленбекте. Ишки ислер уйымлары ҳәм Айрықша жағдайлар министрлиги хызметкерлерине болса жақтыландырыў ушын электр энергиясынан пайдаланыў ҳуқықбузарлығы ушын ҳәкимшилик протокол рәсмийлестириў ўәкиллигин бериў усыныс етилмекте.

    Сондай-ақ, энергия ресурсларынан пайдаланыў менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар бойынша жеке тәртиптеги исбилерменлер де ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық субъекти сыпатында белгиленбекте. Қалаберди, электр энергиясы, газ ҳәм суў тармақларына нызамға қайшы түрде жалғанып, оларды урлағаны ушын жуўапкершилик илажлары күшейтилмекте.

    Додалаўлар даўамында депутатлар нызам жойбарының әҳмийетине айрықша тоқтап өтип, оны жетилистириў бойынша өз пикир-усынысларын билдирди. Жойбарда нәзерде тутылып атырған айырым нормалар бойынша анықластырыўшы сораўлар көтерилди.

    Нызам интакерлери берилген барлық сораўлар бойынша толық түсиниклер берип, бул ҳүжжет тараўдағы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, олардың профилактикасын күшейтиў ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеўге хызмет ететуғынын атап өтти.

    Мәжилисте нызам жойбары депутатлар тәрепинен биринши оқыўда қабыл етилди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates