Атап өтилиўинше, 2025-жыл 1-майдан Өзбекстан бойлап жәрдемге мүтәж шаңарақларға газ ҳәм электр энергиясы ушын жыл даўамында компенсация төлеў әмелияты жолға қойылды. Енди компенсация тек ғана қыс мәўсиминде (ноябрь-февраль) емес, ҳәр айда төлеп бериледи.
Жәрдемге мүтәж шаңарақлар ушын 1-июньнан баслап арза тапсырыў басланды.
Компенсациялар төмендеги категорияларға тийисли шаңарақларға бериледи:
Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри ҳәм Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақлар - бунда шаңарақ ағзаларына туўра келетуғын айлық дәрамат 669 мың сумнан аз болыўы керек.
Сондай-ақ, еки реестрде де кирмеген, бирақ мүлки аз ҳәм айлық дәраматы ҳәр бир ағзасына 1 миллион сумнан аз болған шаңарақлар да бул жәрдемнен пайдалана алады.
2024-2025-жылғы жылытыў мәўсими ушын жәми кем тәмийинленген шаңарақларға 313,6 миллиард сум жәрдем берилген болса, енди бул система және де кеңейтилип, 2025-жылы улыўма есапта 1 триллион 330 миллиард сум муғдарында компенсация ажыратылыўы режелестирилген.








