Мәресимди Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева қутлықлаў сөзи менен ашып берди.
"Гендер теңлик белсендиси" миллий таңлаўы Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин арттырыў, гендер теңлик ҳәм шаңарақ мәселелери бойынша Республикалық комиссияның басламасы менен ҳәр жылы дәстүрий тәризде өткерилип келинбекте.
Атап өтилгениндей, соңғы жылларда ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен еркинликлерин толық тәмийинлеў мәселелери жаңа редакциядағы Конституцияда, "Өзбекстан - 2030" стратегиясы ҳәм Гендер теңликке ерисиў стратегиясы сыяқлы концептуаллық ҳүжжетлерде өзиниң толық көринисин тапқан.
Жәҳән банки индексинде Өзбекстан гендер теңлик тараўында дүньядағы ең тез раўажланып атырған 5 мәмлекет қатарында атап өтилди.
Ашық гендер мағлыўматлар индексинде ең жақсы 20 мәмлекет қатарынан орын алды.
Гендер теңлик ҳәм басқарыў индексинде болса 103-орыннан 51-орынға көтерилип, 52-орынды ийеледи.
"Гендер теңлик белсендиси" миллий таңлаўында қатнасыў ушын 934 шөлкем ҳәм мәкеме тәрепинен ҳүжжетлер усыныс етилди. Олар таңлаў комиссиясы тәрепинен реже талаплары тийкарында баҳалап, 10 номинация бойынша төмендегилер жеңимпаз деп табылды.
"Гендер теңликти тәмийинлеўде ең белсенди республика дәрежесиндеги мәмлекетлик уйым" - Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы.
"Гендер теңликти тәмийинлеўде ең белсенди аймақлық мәмлекетлик уйым" - Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги.
"Гендер теңликти тәмийинлеўде ең белсенди районлық мәмлекетлик уйымы" - «Ammofos-Maxam» АЖ.
"Гендер теңликти тәмийинлеўде ең белсенди аймақлық ҳәкимлик" - Хорезм ўәлаяты ҳәкимлиги.
"Гендер теңликти тәмийинлеўде ең белсенди район ҳәкимлиги" - Шараф Рашидов районы ҳәкимлиги.
"Гендер теңликти тәмийинлеўде ең белсенди МКШ" - Өзбекстан Миллий медиа бирлеспеси ҳәм "Заковат" интеллектуаллық клубы" МКШ.
"Гендер теңликти тәмийинлеўде ең белсенди исбилерменлик субъекти"- "Акбаржон Баракат" ЖШЖ.
"Гендер теңликти үгит-нәсиятлаўға қаратылған ең жақсы ТВ-бағдарлама" - "Адолат" миллий ҳуқықый мәлимлеме орайы "Юридикалық клиника" көрсетиўи.
"Гендер теңликти үгит-нәсиятлаўға қаратылған Интернеттеги ең жақсы веб-сайт ямаса портал"- «Oyina.uz» руўхый-ағартыўшылық порталы.
"Гендер теңликти үгит-нәсиятлаўға қаратылған ең жақсы басылым" - "Янги Сырдәрья" газетасы.
Таңлаў жеңимпазлары естелик саўғалары ҳәм дипломлар менен сыйлықланды, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.