Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Грузия арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын, парламентлераралық байланысларды буннан былай да раўажландырыў мәселелери додаланды.
Атап өтилгениндей, быйыл июль айында мәмлекетимиз басшысының Грузияға мәмлекетлик сапары шеңберинде еки тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларының орнатылыўы еки мәмлекет бирге ислесиўи ушын жаңа имканиятларды белгилеп берди.
Парламентлераралық бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў мақсетинде парламентлердиң қәнигелескен комитетлери ҳәм парламентлераралық бирге ислесиў бойынша топарлары арасындағы байланысларды жеделлестириў, оларды анық мәселелерди додалаўға кеңирек тартыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, 2027-2028-жылларға мөлшерленген биргеликтеги "жол картасы"н ислеп шығыў бойынша келисимге ерисилди. Бул ҳүжжет парламентлераралық сөйлесиўди системалы даўам еттириў, тийкарғы бағдарлар бойынша анық илажларды белгилеў ҳәм Өзбекстан - Грузия стратегиялық шериклигин парламентлер дәрежесинде қоллап-қуўатлаўға хызмет етеди.
Сондай-ақ, сөйлесиўде саўда-экономикалық байланыслар, транспорт байланыслылығы, инвестициялар, санластырыў сыяқлы бағдарлардағы бирге ислесиў перспективалары бойынша пикир алысылды. Билимлендириў, туризм ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.