Дүнья жүзи бойынша турақлы артып баратырған талап есабынан соңғы жылларда энергетикалық турақлылықты тәмийинлеў әҳмийетли мәселеге айланып үлгерди. Басқа тәрептен, экологиялық машқалалар да барған сайын күшейип бармақта, бул еки тәреп қосылып қайта тикленетуғын, яғный "жасыл" энергетиканы раўажландырыўды стратегиялық зәрүрликке айландырмақта.
Сонлықтан, потенциаллы мәмлекетлер оның альтернатив жолларына умтылмақта. Дүньядағы экономикалық шақырықлар, жүзеге келген қыйын жағдай энергия дәреклеринен және де нәтийжели пайдаланыў, "жасыл" энергетикаға итибарды күшейтиў, жаңадан-жаңа жойбарларды турмысқа енгизиўди талап етпекте.
Ықлым өзгериўи, дәстүрий жанылғы ресурсларының азайып баратырғаны ҳәм өз гезегинде, қымбатлаўы, экологиялық талаплардың күшейиўи, булардың барлығы исенимли ҳәм нәтийжели энергия тәмийнатына болған талапты арттырмақта. Бул әсиресе ири санаат кәрханалары ушын әҳмийетли, себеби олардың бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеўде әҳмийетли фактор есапланады.
Елимизде де бул бағдардағы жумыслар системалы түрде, басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта. "Жасыл" энергетика ҳәм турақлы раўажланыў мәселеси мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бирине айланды. Себеби, бул арқалы, биринши гезекте, энергия ресурсларын үнемлеў, қоршаған орталықтың тазалығын тәмийинлеўге ерисиледи.
Мәмлекетимизде энергия системасын диверсификациялаў, экологиялық таза энергия дәреклерин кеңейтиў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Есап-санақларға бола, 2030-жылда Өзбекстанда 117 миллиард киловатт-саат, 2035-жылда болса 135 миллиард киловатт-саат электр энергиясы талап етиледи. Яғный бул көрсеткиш ҳәзиргиден 1,7 есеге көп дегени. Бул жаңа электр станциялары ҳәм энергия сақлаў қуўатлықларын қурыўға реал зәрүрлик бар екенлигин аңлатады.
"Өзбекстан - 2030" стратегиясында экономика тармақлары ҳәм халықты зәрүр энергия ресурслары менен үзликсиз тәмийинлеўге қаратылған бир қатар мақсет ҳәм ўазыйпалар белгиленген. Экономика тармақлары ҳәм халықтың талабы ушын жеткерип берилетуғын электр энергиясының муғдарын 120 миллиард киловатт-саатқа, тәбийғый газ қазып алыў көлемин 62 миллиард куб метрге жеткериў ҳәм экономика тармақларының энергия нәтийжелилигин 2 есеге арттырыў солардың қатарына киреди.
2030-жылға шекем қайта тикленетуғын энергия үлесин және 54 процентке жеткериў мақсет етилген. Усы мақсетте быйылғы жылы 3 мың 400 мегаваттлы 18 қуяш ҳәм самал станциясы және 1 мың 800 мегаваттлы сақлаў системалары иске қосылады. Нәтийжеде келеси жылы "жасыл" энергия ислеп шығарыў көлеми 12 миллиард киловатт-саатқа жетеди. Бул 5 миллион шаңарақтың жыллық тутыныўына тең муғдар. Итибарлы тәрепи, "жасыл" қуўатлықлар есабынан 6,5 миллион тонна зыянлы газлердиң атмосфераға шығарылыўының алды алынады.
Улыўма, Өзбекстанда "жасыл" энергетика тараўындағы реформалар тек ғана мәмлекеттиң энергетикалық ғәрезсизлигин тәмийинлеп қоймастан, ал турақлы раўажланыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм глобал климат өзгериўине қарсы гүресиўде үлкен әҳмийетке ийе.
Пүткил дүнья, атап айтқанда, мәмлекетимизде де "жасыл" энергетика тәрепке сезилерли бурылыўға қарамастан, нефть-газ санааты глобал энергия балансының әҳмийетли структуралық бөлеги болып қалмақта ҳәм ол экономиканың реал секторы, әсиресе, санаатты раўажландырыўда айрықша әҳмийетке ийе.
Бизге белгили, қазылма байлықлар геологиялық излеў, нефть ҳәм газ кәнлерин өзлестириў, бураўлаў, қазып алыўдан баслап қайта ислеўге шекемги қурамалы функционал шынжырды сәўлелендиреди.
"Өзбекстан - 2030" стратегиясында басқа да тийкарғы бағдарлар сыяқлы бул тараўды келешекте турақлы раўажландырыў перспективалары, жүзеге келип атырған жағдай ҳәм заманагөй тенденцияларды есапқа алған ҳалда ерисилиўи зәрүр болған мақсетлер де анық белгилеп берилген.
Атап айтқанда, экономика тармақларының энергия нәтийжелилигин еки есеге арттырыў, электр энергиясы ҳәм тәбийғый газди бөлистириў, генерациялаў ҳәм тутыныўшыға жеткериў инфраструктурасын модернизациялаў, углеводород шийки затының резервлерин көбейтиўге қаратылған геологиялық-излеў жумысларына сырт ел инвесторларын тартыў, барлық түрдеги энергия ресурсларының есабын жүргизиўди толық санластырыў солардың қатарына киреди.
Тараўдағы өзгерислер, бар энергетика объектлерин толық технологиялық ҳәм техникалық қайта үскенелеў, олардың материаллық-техникалық базасын жақсылаў бир мақсет - халықтың абаданлығын арттырыў, халқымызды турақлы энергия ҳәм ыссылық пенен тәмийинлеўге қаратылған.
Президентимиз быйыл 21-июль күни нефть-газ тараўында сырт елли шериклер менен әмелге асырылып атырған жумыслар және гүзги-қысқы мәўсимге таярлық илажларына байланыслы презентацияда да мәмлекетимизде өсип баратырған талапқа муўапық энергетика избе-из раўажланып атырғанын айрықша атап өтти.
Онда мәмлекетимиз басшысының сырт елге сапарлары ҳәм олар шеңберинде өткен бизнес форумлар нәтийжесинде әмелге асырылып атырған бир қатар жойбарлар үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
- Президентимиз перспективалы майданлар бойынша анық жойбарларды қәлиплестириў, геологиялық-излеў жумысларынан таяр өним алыўға шекемги толық шынжырды жолға қойыў бойынша көрсетпелер берди, - дейди Энергетика министри Жўрабек Мирзамаҳмудов. - Соның менен бирге, әмелдеги сырт ел ҳәм қоспа кәрханаларда жаңа бураўлаў усылларын қолланыў, қудықлардың нәтийжелилигин арттырыў арқалы нефть ҳәм газ көлемин көбейтиў зәрүрлиги де атап өтилди.
Сондай-ақ, презентацияда бир қатар әҳмийетли мәселелер додаланды. Соның ишинде, мәмлекетимиз басшысының Әзербайжан Республикасына сапары даўамында ерисилген келисимлердиң орынланыўы. Онда “Socar” компаниясы менен биргеликте перспективалы майданларда геологиялық-излеў жумысларын алып барыў бойынша ҳәзирги ўақыттағы жағдай, жумысларды жеделлестириў бойынша әмелге асырылған жумыслар бойынша мағлыўмат берилди.
Атап айтқанда, усы компания менен Үстирттеги кәнлерде излеў өткерип, нефть қазып алыў бойынша ерисилген келисимлер бойынша қысқа мүддетлерде барлық ҳүжжетлер таярланды ҳәм усы ҳәптениң ақырында презентация келисимине қол қойылады.
Сондай-ақ, басқа да сырт мәмлекетлер менен қурамалы кәнлерди өзлестириў, тараўды санластырыў, талап жоқары болған қәнигелерди таярлаў сыяқлы әҳмийетли бағдарларда биргеликте исленип атырған жумысларды жеделлестириў бойынша да тапсырмалар берилди.
Және бир әҳмийетли ўазыйпалардан бири - гүзги-қысқы мәўсимге таярлық мәселелери де көрип шығылды. Ҳәзирги ўақытта бул ушын жетерли энергия ислеп шығарыў, газ қоймаханаларында топлаў ҳәм тең салмақлы жеткерип бериў бойынша зәрүр илажлар белгиленип, жумыслар баслап жиберилген. Соның ишинде, ҳәзирги ўақытта тийисли тармақ ҳәм подстанцияларды оңлаў да басланған. Ыссылық станцияларының турақлы ислеўи ушын зәрүр жанылғы, комплектлеўши ҳәм аўысық бөлеклер резервлери қәлиплестирилмекте.
Лутфулла СУВОНОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы