Сөйлесиўде Өзбекстан ҳәм
Сербия арасындағы сиясий сөйлесиўди және де жеделлестириў, саўда-экономикалық
бирге ислесиўди кеңейтиў, инвестициялық жойбарларды алға қойыў, транспорт,
санаат, туризм ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы байланысларды беккемлеў
мәселелери додаланды.
Еки мәмлекет сыртқы сиясий
уйымлары арасындағы тығыз ҳәм системалы бирге ислесиўди даўам еттириў, сиясий
мәсләҳәтлесиўлер механизмлерин жеделлестириў ҳәм жаңа қоспа басламаларды алға
қойыў әҳмийетли екени атап өтилди.
Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў,
мәмлекет басшылары тәрепинен белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў,
сондай-ақ, болажақ жоқары дәрежедеги сапар етиўлерге пуқта таярлық көриў
мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Сербия Өзбекстанның Европадағы исенимли шериклеринен
бири сыпатында атап өтилди. Еки тәреплеме қатнасықлардың бүгинги пәтлери
шерикликти сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығатуғынына исеним билдирилди, деп
хабар бермекте Өзбекстан Республикасы Сыртқы
ислер министрлигиниң баспасөз хызмети.