Абдуқодир Ҳусанов тийкарғы қурамда майданға шықты ҳәм майданда толық ҳәрекет етти. SofaScore аналитикалық порталы талқылаўына бола, өзбекстанлы қорғаўшы 7,1 балл алды.
"Манчестер Сити" бас тренери Пеп Гвардиола ойыннан кейин жас футболшылар - Макс Аллейн ҳәм өзбекстанлы орайлық қорғаўшы Абдуқодир Ҳусановтың ойынын айрықша атап өтти.
Тренер ойыннан кейин жас қорғаўшылардың ҳәрекетлерин жоқары баҳалады.
"Қорғаўшылар жүдә жақсы ойнаған. Абдуқодир тек ғана фантастик ҳәрекет қылды. Оның узын паслары бизге үлкен жәрдем берди, ол пүткил майданды қадағалады. Ол еле өседи. Ол тез-тез ҳүжим шөлкемлестириўде қатнасыўы керек - бул тек ўақыт мәселеси. Бүгин ол ойынның ең жақсы футболшысы болды. Тилекке қарсы, биз жеңимпаз бола алмадық, бирақ жеңислеримиз еле алдымызда", - деди Гвардиола.
Гвардиола команда жеңимпаз бола алмағанынан өкиниш билдирген болса да, жас футболшыларды үлкен келешек күтип атырғанын атап өткен.