Гүзги-қысқы мәўсимди зыянсыз өткерейик!

    6 желтоқсан 2024 85

    Мойнақ районында район ҳәкими Б.Менглибеков ҳәм сектор басшыларының қатнасыўында гүзги-қысқы мәўсимде жүз бериўи мүмкин болған айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарындағы жумысларды күшейтиў мақсетинде гүзги-қысқы штабқа жуўапкер хызметкерлердиң жуўапкершилик жағдайы үйренилди.

    Атап өтилгениндей, районда суўық мәўсимди зыянсыз өткериў бойынша алып барылып атырған үгит-нәсиятлаў ҳәм профилактикалық илажларға қарамастан, айырым пуқаралардың бийпәрўалығы ҳәм қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етпеў жағдайлары ушыраспақта.

    Бул бағдардағы ең үлкен машқалалардан бири – ысытыў печьлери ҳәм газ үскенелериниң насазлығы ямаса олардан пайдаланыў қағыйдаларының қопал рәўиште бузылып атырғаны. Бул нәрсе көбинесе оңланып болмайтуғын ақыбетлерди келтирип шығарыўы мүмкин.

    Анықланған кемшиликлерди сапластырыў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, тийисли тапсырмалар берилди.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates