Ҳаўаның температурасы тийкарынан +38...+40 градус, қублада +42 градусқа шекем болады.
Тек арқа-батыс ўәлаятларда ҳәм шөл аймақларда ертең күндиз температура +2...+3 дәрежеге төменлейди.
13-август - сәршемби күни температураның төменлеўи Өзбекстанның барлық аймақларына тарқалады. Бирақ ыссылықтың сезилерли дәрежеде төменлеўи жумыс ҳәптесиниң екинши ярымында күтилмекте, бунда республика аймағының үлкен бөлегинде температура +34...+37 градусқа шекем, тек ең шетки қублада 40 градусқа шекем төменлейди.
Бул күнлерде жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Тек ғана Қарақалпақстан Республикасында 13-август күни айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин.
Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин.
Ташкентте: тийкарынан аз бултлы ҳаўа райы бақланады. Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи, 10-12 м/с қа шекем күшейиўи, шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде +21...+23 градус, күндиз 11-12-августта +38...+40 градус, 13-августта +36...+38 градус, 14-15-августта +34...+37 градус болады.