Өзбекстандағы 2025-жылғы Ҳаж мәўсими усы жылы 13-майдан басланады. Бул ҳаққында Өзбекстан мусылманлары басқармасы хабар берди.

Атап өтилиўинше, усы жылдың 28-майына шекем ҳәр күни елимизден Саудия Арабстанына авиақатнаўлар әмелге асырылады.

Зыяратшылар елимиздиң 9 аймағындағы Ташкент, Бухара, Наманган, Самарқанд, Қаршы, Термиз, Үргенш, Наўайы ҳәм Нөкис қалаларындағы аэропортлар арқалы Мадина қаласына тиккелей ушады.

Авиақатнаўлар Uzbekistan Airways пенен биргеликте FlyNas ва FlyAdeal авиакомпаниялары тәрепинен әмелге асырылады.

Ҳаж илажларын шөлкемлестириў бойынша:

Зыяратшылар медициналық тексериўден өткерилди;

Емлеў жумыслары алып барылды;

Топар басшылары ҳәм шыпакерлер бириктирилди;

Сапар алдынан әмелий шынығыўлар шөлкемлестирилди;

Ҳүжжетлер рәсмийлестирилди.

Сондай-ақ, ҳәр бир зыяратшыға "Ҳаж - уллы ибадат болып есапланады" қолланбасы, сумка, жилет, термос, зонтик, сим-карта ҳәм қуўатландырыўшылар берилмекте.