Атап өтилиўинше, бортында 245 зыяратшы болған HY -5304 рейси менен Жиддадан келген “Uzbekistan Airways” авиакомпаниясының самолёты 12-июнь күни жергиликли ўақыт пенен саат 17:30 да Ташкент халықаралық аэропортына қонды.
Келген зыяратшыларды пайтахт аэропортының ушып келиў залында жақынлары ҳәм туўысқанлары күтип алды. Ўәлаятлардан келген зыяратшыларды зал алдында арнаўлы автобуслар күтип алды.
Мағлыўмат ушын, 12-30-июнь күнлери Жиддадан Ташкент, Наманган, Қаршы, Самарқанд, Бухара, Үргенш ҳәм Нөкис қалаларына жәми 62 рейс режелестирилген болып, оларда 15 150 зыяратшылар Ҳаж сапарынан қайтады.