Өзбекстан мусылманлары мәкемеси баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, усы жылдың 12-июнь күнинен баслап Саудия Арабстанындағы ҳажыларымыз бир неше күн даўамында гезекпе-гезек ана Ўатанымызға қайтып келеди.
Ўатанласларымыз Жидда қаласынан мәмлекетимиздиң 10 аймағы - Ташкент, Бухара, Наманган, Ферғана, Самарқанд, Қаршы, Термиз, Үргенш, Наўайы ҳәм Нөкис қалаларына тиккелей пәрўаз етеди.
Тасыў жумысларына “Uzbekistan Airways“ акционерлик жәмийетиниң заманагөй самолётлары, тәжирийбели ушыўшы ҳәм борт бақлаўшылары тартылған.

