Мәмлекетимиз басшысы Қашқадәрьяға сапары ўақтында усы агротуризм комплексин барып көрди.
Бурын бул жерлер қурғақ қыр-адыр болған. Тамшылатып суўғарыў жолға қойылғаны нәтийжесинде аймақ жасылға бүркенди. Комплекс 520 гектардан ибарат болып, төбелик бөлиминде "терраса" усылында жүзим, черешня ҳәм алма егилген және тоғай жаратылған. Франциядан ең сайланды сортлар алып келинген.
- Шөл-адырлерди өзлестириўимизге гүманланғанлар усы бағды келип көрсин, - деди Президент.
7,5 мың тонна өним жетистириў имканиятына ийе комплекстиң экспорт қуўатлылығы 5 миллион долларға тең. 100 турақлы ҳәм мыңнан аслам мәўсимлик жумыс орны жаратылған. Нәллердиң раўажланыўын франциялы қәниге бақлап барады, жасларға дийқаншылық сырлары ҳәм базар талапларын үйретеди.
Аймақта, сондай-ақ, 120 орынлық ресторан ҳәм 100 орынлық мийманхана қурылған. Агрологистика ҳәм оқыў орайы, қайта ислеў, сақлаў қуўатлықлары қурылмақта.
Жуўапкерлер бундай бағларды кеңейтиў, басқа да таўлы районларда шөлкемлестириў режелери ҳаққында айтты. Мәмлекетимиз басшысы суўғарыўды шөлкемлестирип, бағларды халыққа бөлип бериў, адамларға дәрамат дәрегин жаратыў бойынша тапсырмалар берди.