Ҳаял-қызлар билимлендириўине итибар - раўажланыў жолындағы шамшырақ

    Зилоланың балалығы Сурхандәрьяның шетки аўылларының биринде өтти.

    Анасы ҳәр ҳәптеде аўыл базарына шығып, үй-руўзыгершилик буйымларын сатар, әкесиниң табысы болса дийқаншылықтан еди. Шаңарақ ағзалары мәўсимлик жумысларда ислеп, бәҳәрде нәл егиў, жазда мийўе териў, гүзде өним жыйнаў менен бәнт болатуғын еди.

    Ол өзин үлкен аудиторияларда, китаплар қоршаўында көз алдына келтиретуғын еди. Профессорлардың сабақлары, кең китапханалар орталығы, университет турмысы - булар оның қыялынан шықпайтуғын еди. Бирақ ол билетуғын еди: университетте оқыў тек ғана тилек пенен емес, мүмкиншилик пенен де байланыслы. Анасы менен шын кеўилден сөйлескен ўақытлары мақсетлери ҳаққында айтатуғын еди, бирақ "Ана, оқыўға кирсем, материаллық тәрепи не болады?" деген сораўды айтыўға жүрек ете алмас еди. Солай болса да, ол ҳәр күни әрманларына умтыла берди: сабақларға белсене қатнасып, бос ўақытларында бийпул онлайн курсларға жазылып, өз бетинше шығарма жазып, кеңнен ой-пикирлеўге ҳәрекет етер еди.

    Бир күни мектебинде ўәлаяттағы жоқары билимлендириў мәкемелериниң ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти. Бул Зилола ушын умытылмас күн болды. Ол мәмлекетлик грантлар, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлар ушын ажыратылатуғын квоталар, студентлер жатақханаларының жеңилликлери ҳәм стипендиялар ҳаққында биринши мәрте усылардан еситти. Устазларынан мәсләҳәт сорады, ҳүжжет тапсырыў тәртибин үйрениўге киристи.

    Өткен жылы Зилола мектепти айрықша баҳалар менен тамамлап, мәҳәлле арқалы усыныснама алды ҳәм мәмлекет тәрепинен жәрдемге мүтәж шаңарақлардың қызлары ушын ажыратылған қосымша квота тийкарында оқыўға қабыл етилди. Бүгин ол педагогика бағдарында студент. Ондағы талант ҳәм потенциалды сезген устазлары Зилоланың илим жолында барыўына үмит етпекте. Күн келип Зилола тек ғана зиялы ҳаял емес, ал елимиздиң илимине үлес қосатуғын илимпаз, профессор болып шықса әжеп емес. Егер усы имканиятлар болмағанда, бүгин Зилоланың тәғдири пүткиллей басқаша болармеди...

    Адамзат цивилизациясында ҳәр бир жәмийеттиң мәдений дәрежеси ҳәм руўхый жетиклиги ҳаял-қызларға мүнәсибет пенен белгиленген. Мәмлекетимиздеги бүгинги реформалар тийкарында да ҳаял-қызлардың билим алыўы ҳәм жәмийеттеги орнын арттырыўға болған жоқары итибар жәмленген, десем қәтелеспеймен. Президентимиздиң бул бағдардағы басламалары тек ғана санлар ҳәм қарарлар дәрежесинде емес, ал ҳәр бир шаңарақтың, ҳәр бир жас қыздың турмысында сезилетуғын үлкен өзгерислерге себеп болмақта. Қыз баланы оқытсақ, пүткил жәмийетти оқытқан боламыз, деген ҳикметли сөзлер мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы бағдарына айланбақта.

    Елимизде ҳаял-қызлардың илим, билимлендириў, кәсип-өнер, шаңарақлық ҳәм жәмийетлик турмыста белсене қатнасыўы ушын кең имканиятлар жаратылмақта. Олар билимли, заманагөй дүньяға көзқарасқа ийе қәниге сыпатында камалға келиўи, саламат ҳәм беккем шаңарақ қурыўы ушын зәрүр шараятлар тәмийинленбекте. Бул өзгерислер қуры гәп емес, ал анық ҳуқықый тийкар ҳәм турмыслық нәтийжелерге сүйенген, дүньяның көплеген мәмлекетлеринде ушыраспайтуғын тәжирийбе сыпатында көринбекте. Жеке өзим қайсы мәмлекетте бизлердегидей жоқары билимлендириўде оқып атырған ҳаял-қызлардың шәртнама пулларын мәмлекет тәрепинен толық қаплап берилетуғыны менен қызықтым. Елимизде магистратураға төлемли-шәртнама тийкарында қабыл етилген студент-қызлардың билимлендириў қәрежетлери мәмлекетлик бюджетинен қаплап берилмекте. Бул болса экономикалық себеплерге бола магистратурада оқый алмаған көпшилик ҳаял-қызлар ушын жүдә үлкен имканият болып есапланады.

    Ҳаял-қызларға билимлендириў кредитин бериў тәртиби де түп-тийкарынан жетилистирилди. Бүгин олар 7 жыл мүддетке процентсиз кредит алыў имканиятына ийе болып, бул кредитти тек ғана оқыўды тамамлағаннан кейин ҳәм өзлерине беккем материаллық шараятқа ийе болғаннан соң төлеп береди. Бул реформа тек ғана финанслық жеңиллик жаратып қоймастан, ал ҳаял-қызларды илим алыўға және де илҳамландырады.

    Бул қатнас, әлбетте, жас әўладқа өз билимлендириўин жуўмақлап, жәмийетке пайдалы қәниге сыпатында қайтыўына исенимди арттырады. Бундай системаны турмысқа енгизиў жәмийетте гендер теңликти және де беккемлеўге, ҳаял-қызларға өзин-өзи раўажландырыў жолында және де көбирек имканиятлар жаратыўға хызмет етеди.

    Илимге исенимли қәдем қойып атырған ҳаял-қызлар ушын және бир имканият докторантураға ажыратылған мақсетли квоталар болды. Ҳәр жылы жүзлеген қәбилетли ҳаял-қызларға илимий изертлеў алып барыў ушын арнаўлы квоталар ажыратылыўы, олардың сырт елде стажировка өтеўине жол ашылыўы халықаралық көлемде теңи-тайы жоқ тәжирийбе болып есапланады. Соңғы жети жылда 5 247 ҳаял илимий дәрежелер алған. "Бир миллион программист" жойбары шеңберинде билим алған жаслардың 47 процентин ҳаял-қызлар қураған.

    Илим ҳәм билимлендириў, атап айтқанда, жоқары билимлендириў тараўы реформаланып, жәҳән стандартларына бейимлестирилип атырғаны себепли ҳаял-қызлар бул бағдарда да үлкен нәтийжелерге ериспекте. Ҳәзирги күнде илим тараўында жәми 5 мыңға шамалас илимпаз ҳаял-қызлар жумыс алып бармақта. Алдын бул көрсеткиш әдеўир төмен еди. Жоқары оқыў орынларында 14 мыңнан аслам апа-қарындасларымыз педагогика ҳәм илимий изертлеў бағдарында жумыс алып барып атырғаны олардың интеллектуаллық потенциалы қаншелли жоқары екенинен дәрек береди. Жеке өзим де усы имканиятлардан пайдаланған ҳалда илимий изертлеў жумысымды табыслы қорғадым. Ҳәр қыйлы жасалма тосқынлықлар сапластырылғаннан соң елимизде илимпаз ҳаял-қызлардың қатары кеңейгени ҳәм олардың қатарында мениң де бар екеним шексиз мақтаныш.

    Ҳәр бир ҳаялдың оқыўға, билим алыўға, әрманына умтылыўға ҳақысы бар. Мәмлекетимиз бул турмыслық ҳақыйқатты сиясий принцип дәрежесине көтерди. Статистикалық мағлыўматларға бола, соңғы жылларда жоқары билимлендириўде ҳаял-қызлардың үлеси 52 проценттен артқан. Бирақ ең әҳмийетли көрсеткиш ҳәр бир сан артында турған шахстың тәғдири, арзыў-әрманы ҳәм пидайылық болып есапланады. Билимлендириў арқалы ҳаяллар жәмийеттиң белсенди қатламына айланды. Олардың даўысы тыңланбақта, пикири есапқа алынбақта. Өзбек ҳаялы енди тек ғана шаңарақтың емес, ал жәмийеттиң, мәмлекеттиң турақлылығы ушын жуўапкер, билимли, белсенди күшке айланбақта. Билимлендириў арқалы ашылған есиклер раўажланыў жолында жағылған шамшырақ. Бундай мысалларды көплеп келтириў мүмкин. Әҳмийетлиси, бундай ийгиликли ислер арқалы қаншадан-қанша шаңарақларға қуўаныш ҳәм шадлық кирип келмекте, мыңлаған ҳаял-қызлардың руўхы көтерилип, ертеңги күнге исеними беккемленбекте.

    Билимли, ағартыўшы ҳаял тек ғана шаңарақ емес, ал жәмийеттиң раўажланыўын алға баслаўшы күш. Бүгин елимизде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, илимли-мәрипатлы етиў, заманагөй өнерлерге үйретиў, бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы реформалардың тийкарында да усы ҳақыйқаттың көриниси жатыр, десек асыра айтқан болмаймыз.


    Маъсума ОБИДЖОНОВА,

    филология илимлериниң философия докторы

    No date selected
    June 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates