Ҳаял-қызларды қәдирлеў мәселелери додаланды

    Тақыятас районындағы Моно орайда “Биз зорлыққа қарсымыз” жойбары шеңберинде ағартыўшылық илажы өткерилди.

    Онда ӨзЛиДеП Тақыятас районлық Кеңесиниң аппарат басшысы Қ.Аймуратов, район ҳәкиминиң орынбасары – шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы Г.Бекбергенова, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Тақыятас районлық бөлиминиң баслығы, Жоқарғы Кеңес депутаты М.Джумамуратова ҳәм Моно орайдағы оқыўшы-қызлар қатнасты.

    Илаж даўамында баянатшылар тәрепинен ҳаял-қызларға исленип атырған зорлық көрсетиўге қарсы гүресиў, ҳаял-қызларымыздың хуқықларын қорғаў бойынша әмелге асырылған жумыслар туўралы кең түрде мағлыўматлар берилди.

    Атап өтилгениндей, тилекке қарсы соңғы ўақытларда ҳаял-қызларды күшли жыныс ўәкиллери тәрепинен қәдирсизлендириў, қысым өткериў, зорлық көрсетиў жағдайлары бақланбақта. Ҳаял әззи, бирақ күшли, ҳаял нашар, бирақ ғайратлы! Оның шыдамлылығы алдында керек болса уллылар да бас ийеди.

    Гендер теңлиги, ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар арасындағы тең хуқықлылық, ҳаял-қызлардың мүмкиншиликлерин кеңейтиў, зорлық көрсетиўдиң алдын алыў мәселелери додаланып, пикир-усыныслар билдирилди.

    Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates