Айдаўшылық гүўалығын жоғалтқан жағдайда қандай ҳәрекет етиў керек?

    Министрлер Кабинетиниң 31.05.2018-жылдағы 408-санлы қарарына тийкарланып, айдаўшылық гүўалығын жойтқан жағдайда төмендеги ҳәрекетлерди әмелге асырыў керек.

    Арза бериўши МЖҲҚХ уйымы (Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети) ямаса Мәмлекетлик хызметлер орайына өзи барып мүрәжат етиўи ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында (БИМХП) дизимнен өтиўи керек.

    Автомототранспорт қуралларын кейинги он еки ай даўамында басқарған шахслардың миллий айдаўшылық гүўалықлары тийисли имтиханларсыз алмастырылады.

    Төмендегилер автомототранспорт қуралларын он еки ай даўамында басқарғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер есапланады:

    а) жумыс ислеп атырған айдаўшылар ушын мийнет дәптершесинен көширме ямаса жумыс ислеп атырған орнында оған бириктирилген автомототранспорт түри көрсетилген мағлыўматнама (буйрықтан көширме);
    б) жеке автомототранспорт қураллары айдаўшылары ушын оларға тийисли болған автомототранспорт қуралының дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы дизимге алыў гүўалығы;
    в) исеним хаты ямаса ижара шәртнамасы менен автомототранспорт қуралын басқарған шахслар ушын автомототранспорт қуралы дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалық ҳәм оны басқарыў ушын нотариал уйым тәрепинен тастыйықланған исеним хаты ямаса ижара шәртнамасы;
    г) транспорт қуралы ийесиниң жақын туўысқанлары ушын автомототранспорт қуралы дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалық ҳәм транспорт қуралы ийесиниң пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў бойынша қамсызландырыў полиси.

    Арза бериўши электрон формадағы сораўнаманы толтырады. Сораўнамаға төмендеги ҳүжжетлер қосымша етиледи:

    - ески үлгидеги айдаўшылық гүўалығы ҳәм/ямаса талонының сүўрети (артқы ҳәм алдынғы тәрепи) (егер бар болса).

    Арза бериўши жойтылған айдаўшылық гүўалығының орнына жаңа гүўалық алыў ушын мүрәжат еткенде, оның автомототранспорт қуралын басқарыўға болған ҳуқықының бар екенлиги ямаса бул ҳуқықтан айырылмағанлығы Системада тастыйықланады.

    Егер арза бериўшиниң жойтылған айдаўшылық гүўалығы ҳаққындағы мағлыўматлар Системада анықланбаса, арза бериўши айдаўшылық гүўалығын алыў бойынша Реже тийкарында ЖПХ уйымларына улыўма тәртипте мүрәжат етеди.

    Жойтылған айдаўшылық гүўалығының орнына жаңа үлгидеги миллий айдаўшылық гүўалығын бериў ушын базалық есаплаў муғдарының (БЕМ) 1 есеси муғдарында төлем өндириледи.

    Төлем әмелге асырылғаннан соң, МЖҲҚХ уйымы ямаса Мәмлекетлик хызметлер орайының хызметкери усынылған ҳүжжетлерди көрип шығады ҳәм миллий айдаўшылық гүўалығын рәсмийлестиреди.

    Арза бериўши қәлеўине бола, миллий айдаўшылық гүўалығын почта байланысы арқалы алыўы мүмкин. Онда почта қәрежетлери арза бериўши есабынан қапланады.

    Егер арза бериўши өзи келип алыўды қәлесе, шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжет пенен сораўнамада көрсетилген МЖҲҚХ уйымы ямаса Мәмлекетлик хызметлер орайына келип миллий айдаўшылық гүўалығын алып кетиўи мүмкин.

    Соны атап өтиў керек, егер арза бериў бийкар етилген күннен баслап отыз жумыс күни ишинде мәмлекетлик хызметти көрсетиў ушын жыйым төлеместен көрсетилген кемшиликти сапластырған ҳалда арза бериўши қайта мүрәжат етиў ҳуқықына ийе.