Министрлер Кабинетиниң "Ишки ислер уйымлары системасында мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң сапасын буннан былай да жетилистириў ҳәм тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў илажлары ҳаққында"ғы қарарының 6-бәнтине муўапық жаңа үлгидеги миллий айдаўшылық гүўалығына шахсын тастыйықлаўшы рәсмий мәмлекетлик ҳүжжет статусы берилди.
Қарарға муўапық Орайлық банк басшылығы тәрепинен қабыл етилген 7 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетке өзгерислер киргизилди. Оған муўапық пуқаралар паспорт пенен бир қатарда идентификация ID-карталары ямаса миллий айдаўшылық гүўалықларын көрсетип, банк хызметлеринен пайдаланыўы мүмкин.
Жаңа үлгидеги миллий айдаўшылық гүўалығы шахсын тастыйықлаўшы рәсмий мәмлекетлик ҳүжжет статусына ийе болғаны себепли, ол банк хызметлерин көрсетиў процесинде паспорттың орнын баса алады.