"Егер студентлер усы билимлендириў мәкемелерине қабыл етилсе, олар Ҳиндстанда медициналық дизимнен өтиў ҳуқықынан айырылады", делинеди мүрәжатта.

Бул дизимге АҚШтың 3 ҳәм Өзбекстандағы 1 жоқары билимлендириў мәкемеси киргизилген болып, олар:

Орайлық Америка денсаўлық ҳәм илимлер университети, Белиз.

Колумбия орайлық университети, Белиз

Вашингтон денсаўлық ҳәм илимлер университети, Белиз.

Ташкент мәмлекетлик медицина университети Чирчиқ филиалы, Өзбекстан.

Атап өтилиўинше, бул университетлер Ҳиндстандағы медициналық билимлендириў стандартларына жуўап бермейди. Билимлендириў ҳәм клиникалық әмелият сапасыз шөлкемлестирилген. Кампус инфраструктурасы жетерли емес ямаса улыўма жоқ.

Сондай-ақ, ҳиндстанлы студентлерге қарата қыйнаў ҳәм басым өткериў жағдайлары бақланған.

Курстан шыққан студентлерге пул қайтарылмаған, артықша төлемлер талап етилген.

Ҳиндстан Медициналық комиссиясы еслетип өтеди, 2021-жылы қабыл етилген Foreign Medical Graduate Licentiate (FMGL) қағыйдаларына тийкарланып билимлендириў тили, даўамлылығы, оқыў бағдарламасы, әмелият ҳәм интернатура толық талапларға муўапық болыўы керек. Болмаса, Ҳиндстанда шыпакер сыпатында жумыс ислеў ушын дизимнен өтиў имканияты болмайды.