Ҳиндстанлы бир топар белгили блогерлер Өзбекстанға келеди

    Туризм 19 маусым 2025 956

    Ҳиндстанлы 9 белгили блогер усы жылы 19-26-июнь күнлери Өзбекстанда болады.

    "Дунё" МАның хабар бериўинше, социаллық тармақларда ғалаба ен жайған бетлердиң авторларының мәмлекетимизге танысыў сапары Өзбекстан елшиханасы ҳәм Туризм комитети менен биргеликте шөлкемлестирилмекте.

    Блогерлер топарына ағзалары 1,5 миллионнан 20 миллионға шекемги болған социаллық тармақ белсендилери киргизилген.

    Ҳиндстан ўәкиллери Ташкент, Самарқанд, Бухара қалалары ҳәм Ташкент ўәлаяты бойлап сапар етеди. Өзбек халқының бай тарийхый мийрасы, бийтәкирар архитектуралық естеликлери, салмақлы туристлик потенциалы ҳаққында бир қатар материаллар таярлайды. Сондай-ақ, өз оқыўшылары ҳәм жазылыўшыларын заманагөй Өзбекстан түрли тараўларда қолға киргизип атырған жетискенликлер менен таныстырады.

    Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли өзгерислер процеси Ҳиндстанның жетекши ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақлардағы ғалаба бетлердиң дыққат орайында болып тур. Олар тәрепинен бул темаға бағышланған түрли жанрлардағы материаллар турақлы түрде жәрияланып барылмақта.

    Буның нәтийжесинде Ҳиндстаннан Өзбекстанға туристлик ағым жылдан-жылға избе-из өсиўине ерисилмекте. Атап айтқанда, 2023-жылы 50 мыңға шамалас ҳиндстанлы турист мәмлекетимизге сапар еткен болса, 2025-жылы олардың қатары 80 мыңнан асты. Усы жылы болса бул көрсеткиш 100 мыңға жетиўи күтилмекте.