баннер
30 Mar 2025
15:08

    Өзбекстан 2025-жылы саяхат етиў ушын ең жақсы орынлар дизимине киргизилди

    “BBC Travel” глобаллық медиа порталының мағлыўматларына бола, Өзбекстан 2025-жылы саяхат етиў ушын ең жақсы 25 жөнелис дизимине киргизилди.

    Мақалада атап өтилиўинше, туризм Өзбекстанның өзине тән дәстүрлери ҳәм мәдений мийрасын сақлаў стратегиясының әҳмийетли бөлегине айланып бармақта.

    Мәмлекет инфраструктураны жедел раўажландырмақта: жаңа мийманханалар, жоқары тезликтеги темир жол маршрутлары, ишки авиақатнаўлар ҳәм жаңаланған мәдений орынлар саяхатшылар ушын бийтәкирар имканиятлар жаратпақта.

    Булардың барлығы экономикалық өсиўди хошаметлеўге ҳәм Өзбекстанның тарийхый ҳәм мәдений мийрасының шексиз байлығын ашып атырған туристлерди тартыўға жәрдем бермекте.

    Атап өтилиўинше, 90 нан аслам мәмлекет, соның ишинде, Уллы Британия, Канада ҳәм Австралия пуқараларының Өзбекстанға визасыз келиўи саяхатты сезилерли дәрежеде әпиўайыластырады ҳәм туристлер ушын жаңа имканиятлар есигин ашады.

    Буннан тысқары, қоңсы мәмлекетлер менен шегараны кесип өтиў бираз аңсатласқаны атап өтилген.

    "Өткен 2024-жыл ноябрь айында Қазақстан ҳәм Өзбекстанды байланыстыратуғын "Жипек жолы темир жолы саяхаты" атамасындағы биринши халықаралық темир жол жөнелиси иске қосылды. Бул қолайлы жөнелис туристлерге Уллы Жипек жолының изинен барып, ҳәр еки мәмлекеттиң бийбаҳа тарийхый ҳәм мәдений дыққатқа ылайық орынларын еркин үйрениў имканиятын береди. Бундай саяхат тек ғана ески саўда ҳәм мәдений алмасыўлар орталығына шығыў емес, ал регионда мәдений байланысларды кеңейтиў ҳәм туризмди раўажландырыў ушын жаңа имканиятлар жаратады," деп жуўмақлайды “BBC Travel”.

    Атап өтиў керек, дизимге АҚШ, Канада, Япония, Италия, Австралия, Марокко, Англия ҳәм басқа да мәмлекетлер киргизилген.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech