Ҳисорак суў сақлағышы 1987-жылы қурылған болып, 2004-жылы капитал реконструкцияланған. Аймақта 2011-жылы иске қосылған қуўатлылығы 45 МВт болған тийкарғы Ҳисорак ГЭС те бар болып, жылына 80 миллион киловатт саат электр энергиясын ислеп шығарады. Бул болса орташа есапта 33 мың шаңарақтың жыллық электр энергиясына талабын қаплайды.
Мәмлекетимизде экологиялық таза, арзан ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклерин көбейтиў және бар қуўатлықларды арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта. "Өзбекгидроэнерго" акционерлик жәмийети тәрепинен киши ҳәм микро ГЭСлер қурылып, пайдаланыўға тапсырылмақта.
Шаҳрисабз районында энергетика қуўатлылығы 3,5 МВт қа тең, жылына орташа 17,5 миллион киловатт саат электр энергиясын ислеп шығаратуғын Ҳисорак киши ГЭСи солардың қатарына киреди. Оның қурылысы толық локализациялаў шеңберинде әмелге асырылды. Жойбардың баҳасы 1,5 миллион долларды қурайды. ГЭС жумысы нәтийжесинде жылына орташа 5 миллион метр куб тәбийғый газ үнемленеди. Бул жерде ислеп шығарылатуғын электр энергиясы 7 мың 300 шаңараққа жетеди.
Мәмлекетимиз басшысына дәрья суўынан энергия алыў бойынша келешектеги режелер ҳаққында мәлимлеме берилди.
Ең әҳмийетли жойбарлардан бири - келеси еки жыл ишинде улыўма қуўатлылығы 12 МВт болған 416 кинетикалық турбинали микро ГЭС қурыў режеси болып табылады. Бул микро ГЭСлер салма ҳәм каналлардағы суў ағысынан нәтийжели энергия ислеп шығарыў имканиятын береди.
Ҳәзирги ўақытта ўәлаятта улыўма қуўатлылығы 49 МВт болған 3 ГЭС жумыс алып бармақта. Келешектеги жойбарлар себепли бул көрсеткиш сезилерли дәрежеде артыўы күтилмекте. Гидроэнергетика арқалы ўәлаятта халықтың электр энергиясынан пайдаланыўдың 15 процентин қаплаў мақсет етилген.
Мәмлекетимизде соңғы сегиз жыл ишинде электр энергиясын ислеп шығарыў 38 процентке артып, 81,5 миллиард кВт/саатқа жетти. Усы жылы республика бойынша улыўма қуўатлылығы 24,7 МВт болған 5 жаңа киши ГЭС пайдаланыўға тапсырылыўы режелестирилген.