Халықтың турмыс сапасын, абаданлығын ҳәм дәраматын арттырыў мәмлекеттеги реформалардың тийкарғы мақсети болып есапланады. Кейинги жылларда бул бағдардағы ҳәрекетлер сезилерли нәтийже көрсетпекте.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен мәмлекетлик уйымлардың жумысындағы тийкарғы принцип инсан мәплерин тәмийинлеўге қаратылған. Бундай басқарыў пуқаралардың жыллар даўамында топланып қалған машқалаларын қысқа мүддетте мәнзилли шешиў ушын бир пүтин системаны қәлиплестириў имканиятын берди. Нәтийжеде ең алыс ҳәм барыў қыйын аймақлардың инфраструктурасы да жақсыланды. Санаат тармақлары кеңейди. Заманагөй технологияларға тийкарланған кәрханалардың саны артпақта.

Әҳмийетлиси, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, мийнет базарында талап жоқары болған кәсип-өнерлерди ийелеў ушын зәрүр шараятлар қала ҳәм район орайлары менен бирге ең шетки аймақларда да жаратылмақта.

Турақлы раўажланыўды тәмийинлеў заманагөй экономикалық өзгерислер шараятында тийкарғы бағдарлардан. Сол себепли, процесте стратегиялық режелестириў айрықша әҳмийетке ийе. Мәмлекетимиз басшысының Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатында алға қойылған усынысқа муўапық, экономиканың тийкарғы тармақларын раўажландырыўға қаратылған концептуаллық ҳүжжет "Өзбекстан - 2030" стратегиясы қайта көрип шығылды.

Оның мақсетли көрсеткишлери, ҳәзирги өсиў пәтлери терең талланды ҳәм дүньядағы жағдайды есапқа алған ҳалда жаңаланды. Ҳүжжет жойбарының жәмийетшиликтиң додалаўына қойылғаны, әсиресе, айрықша әҳмийетке ийе болды. Оны жетилистириўде пуқаралардан келип түскен усыныслар да инабатқа алынды. Бул болса стратегияны шын мәнисинде халықшыл ҳүжжет, деп атаў имканиятын береди. Ҳүжжеттиң Президентимиз тәрепинен тастыйықланыўы жуўмақлаўшы басқыш болды. Әне усы ўақыя 16-февраль күни өткерилген таныстырыўдың орайлық ноқаты болды.

Сол күни мәмлекетимиз басшысына ең тийкарғы реформалар бағдарламалары және "Өзбекстан - 2030" стратегиясын 2026-жылы әмелге асырыў бойынша мәмлекетлик бағдарлама жойбарлары бойынша мәлимлеме берилди. Бул жойбарлар алдынғы сырт ел тәжирийбесине сүйенип, пүткиллей жаңа қатнас тийкарында ислеп шығылды. Оларда мәмлекетлик сиясаттың усы жылдағы тийкарғы бағдарлары ҳәм мақсетли көрсеткишлери және оларды әмелге асырыўдың анық механизмлери белгиленбекте. Бағдарламалар мәмлекетимиз басшысының Олий Мажлис ҳәм халқымызға Мүрәжатында алға қойылған басламалар ҳәм 2026-жыл ушын ең тийкарғы реформаларды қамтып алған.

Әҳмийетлиси, бул процессте "ҳүжжет ислеп шығыўдан нәтийжеге ерисиў" принципине өтилмекте. Ҳәр бир басламаны әмелге асырыў механизмлери, жыл жуўмағында орынлаў нәтийжелери бойынша KPI белгиленген. Бағдарламалар тиккелей әмел етиў механизмине ийе ҳәм айырым басламалар бойынша өз алдына ҳүжжет қабыл етиўди талап етпейди. Ҳәр бир реформалар бағдарламасының орынланыўы ушын жеке жуўапкер болатуғын жуўапкер басшы ҳәм муўапықластырыўшы мәмлекетлик шөлкем белгиленбекте.

Тийисли пәрман менен "Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмийетти жетилистириў жылы"нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама, 337 бәнттен ибарат әмелий илажлар режеси, ислеп шығылатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳәм стратегиялық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң дизими де тастыйықланды.

2026-жылы тараўлар бойынша ең әҳмийетли 59 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбары ҳәм стратегиялық реформаларды нәзерде тутыўшы 12 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбары ислеп шығылады. Жойбарларды ислеп шығыўда жәмийетшилик пикирин есапқа алыўға айрықша итибар қаратылады.

- Жәмийетлик додалаў нәтийжелерине итибар берсек, бәринен бурын, пәрман жойбарына пуқаралар қосымша усыныслар билдиргенин айрықша атап өтиў керек, - дейди "Раўажланыў стратегиясы" орайының атқарыўшы директоры Элдар Туляков. - Ең тийкарғысы, жәмийетлик додалаўларда халықтың белсендилиги артты. Буны ўатанласларымыздың дерлик барлық тараўда өз усыныслары менен қатнасқанында да көриў мүмкин.

Мәмлекетлик бағдарлама 23-январь - 1-февраль күнлери ғалаба хабар қураллары ҳәм интернет тармақларында кеңнен үгит-нәсиятланды. Интернетте жойбар менен 5 миллионнан аслам пайдаланыўшы танысып, 22 мыңнан аслам пикир-усыныслар билдирилди.

Таллаўлар нәтийжесинде конструктивлик деп табылған 1000 ға шамалас усыныс сайлап алынып, мәмлекетлик бағдарлама жойбарына киргизилди. Буннан тысқары, АҚШ, Германия, Түркия, Франция, Канада, Қубла Корея, Япония, Швеция, Португалия ҳәм Қазақстанда ўатанласлар қатнасыўында додалаўлар шөлкемлестирилип, 60 қа шамалас қосымша усыныслар алынды.

Бағдарламалардың орынланыўын қаржыландырыўға 250,5 триллион сум ажыратылыўы ҳәм 50,4 миллиард доллар қаржы тартылыўы нәзерде тутылған. Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўы бойынша Әдиллик министрлиги ҳәм Есап палатасы турақлы мониторинг жүргизеди. Министрлер Кабинети ҳәр шеректе орынлаўды додалады. Ҳәр ярым жылда Олий Мажлис Нызамшылық палатасына есабат ҳәм ҳәр айда Президентимизге мәлимлеме киргизип барады. Бириктирилген жуўапкерлер ҳәр шеректе орынлаў жағдайы бойынша Президентимизге мәлимлеме берип барады.

Мәмлекетимиз басшысы презентация етилген жойбарлар менен толық танысты. Тийисли пәрманға қол қойып, реформалар бағдарламалары ҳәм "Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмийетти жетилистириў жылы" мәмлекетлик бағдарламасын тастыйықлады.

Барлық реформа ҳәм илажлар, бәринен бурын, адамлардың турмысында анық нәтийже бериўи, жаңа жумыс орынларының көбейиўи, дәраматлардың өсиўи ҳәм халықтың разылығында өз көринисин табыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәҳәллелерге жаңа Өзбекстан келбети кирип барады

Бул пәрман Өзбекстанда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўдың ең төменги буўыны болған мәҳәлле институтының ролин жаңа басқышқа алып шығыўды нәзерде тутады. "Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмийетти жетилистириў жылы" шеңберинде белгиленген ўазыйпалар мәҳәллени тек ғана ҳәкимшилик структура емес, ал социаллық ҳәм экономикалық реформалардың өсиў ноқатына айландырыўға қаратылған.

Бул бағдардағы реформалардың тийкарғы мәниси төмендеги әҳмийетли тәреплерде сәўлеленеди.

Экономикалық белсендилик ҳәм бәнтлик. Мәҳәллелерде 10 мың өндирис ҳәм хызмет көрсетиў жойбарларының әмелге асырылыўы арқалы усы жылы 100 мың жаңа жумыс орны ашылады. Бул халықтың бәнтлигин тәмийинлеў менен бирге, мәҳәлле кесиминде ислесиў системасының нәтийжелилигин арттырады.

Кәмбағаллыққа қарсы гүрес. 3500 мәҳәллени кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айландырыў мақсети мәмлекеттиң социаллық сиясаты мәнзилли ҳәм нәтийжели болыўын тәмийинлейди.

Инфраструктураны модернизациялаў. Тараўға қаратылып атырған 20 триллион сум қаржы мәҳәллелердиң көринисин түп-тийкарынан өзгертиў, яғный ишки жолларды тәртипке салыў, ишимлик суў ҳәм энергия тәмийнаты сыяқлы ең әҳмийетли машқалаларды шешиўге хызмет етеди.

Заманагөй басқарыў ҳәм қадағалаў. Орынлаўды 24/7 режимде онлайн қадағалаў системасы мәмлекетлик уйымлардың мәҳәлле алдындағы жуўапкершилигин арттырып, машқалалардың бюрократиясыз, оператив шешилиўине имканият береди.

Улыўма алғанда, бул реформалар мәҳәллени халық пенен мәмлекет арасындағы исенимли көпирге ҳәм "абаданлық мәнзили"не айландырыўды мақсет еткен.

- Мәҳәлле баслықлары мәҳәлледеги қаржылардың жумсалыўы бойынша ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша халыққа ашық есап бериў системасы жолға қойылады, - дейди Өзбекстан мәҳәллелери аўқамының баслығы Қаҳрамон Қуронбоев. - Мәҳәлледеги ишки жоллар, пиядалар ҳәм велосипед жолларын шөлкемлестириў бойынша да айрықша бағдарлар ислеп шығылды.

Мәҳәллелерде бизнес-инкубаторларды шөлкемлестириў, тереклерди кесиў жағдайлары бойынша жуўапкершилик илажларын және де күшейтиў мақсетинде жигирмаға шамалас бағдарда усыныслар билдирилген. Жәми 1 миллион 300 мыңға шамалас адамның бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм 181 мың шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыў мәселелери белгилеп алынған. Мүлк ҳәм жер салығының 15 проценти, айырым жәриймалардың 10 проценти мәҳәллелердиң қорларына қаратылады.

Технологиялық ҳәм инновациялық өсиў модели

Мәмлекетлик бағдарламада экономикалық реформалардың анық бағдарлары ҳәм анық нәтийжеге бағдарланған көрсеткишлери белгилеп берилди. Яғный, тараў ҳәм тармақларды технологиялық өсиў моделине өткериў арқалы усы жылы ЖИӨ көлемин 167 миллиард доллар, экономикалық өсиўди 6,6 процент дәрежесинде тәмийинлеў тийкарғы ўазыйпа болады. Соның менен бирге, инфляция дәрежесин 6-6,5 процентке түсириў, бюджет жетиспеўшилигин жалпы ишки өнимге салыстырғанда 3 процент дәрежесинде сақлаў, жумыссызлықты 4,5 процентке, кәмбағаллықты болса 2,8 процентке түсириў нәзерде тутылған. Бул көрсеткишлер экономикалық реформалардың тиккелей инсан мәплерине хызмет ететуғынын аңлатады.

Инвестиция ҳәм хизметлер базары. Экономикаға 50 миллиард доллар сырт ел инвестициясының тартылыўы ҳәм хызметлер базарының көлеминиң 100 миллиард доллардан артыўы жаңа технологиялар ҳәм инновациялар ағымын тезлестиреди.

Қурылыс ҳәм инфраструктура. Қурылыс көлемин 30 миллиард долларға жеткериў ҳәм 3500 ден аслам жаңа хызмет көрсетиў объектлерин иске қосыў аймақлардағы урбанизация ҳәм инфраструктураның раўажланыўына күшли түртки береди.

Кәсиплерди раўажландырыў бойынша әҳмийетли реформалар

Кәсиплерди раўажландырыў бағдарламасы мийнет базарын түп-тийкарынан жаңалаў ҳәм халықты ғалабалық кәсиплик таярлаўға қаратылған. Бағдарлама шеңберинде жумыссыз ҳәм кем тәмийинленген 400 мың адам кәсип-өнер, шет тили ҳәм исбилерменликке оқытылады, 200 мыңға шамалас мектеп питкериўшисиниң техникумларда кәсип ийелеўи тәмийинленеди.

- Усы жылы Ташкент қаласы ҳәм ўәлаяты, Бухара ҳәм Ферғана ўәлаятларында төрт дата-орай, еки суперкомпьютер ҳәм 15 жоқары оқыў орнында жасалма интеллект лабораториясының жумысы жолға қойылады, - дейди жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қоңыратбай Шарипов. - Бул арқалы 100 ден аслам жасалма интеллект жойбарлары әмелге асырылады. Соның менен бирге төртинши санаат революциясы орайы шөлкемлестириледи. Нәтийжеде елимизде орта ҳәм жоқары технологиялық өнимлерди ислеп шығарыў көлемин 5-7 процентке арттырыўға ерисиледи.

Мәмлекетлик бағдарламада илимий қолланбаларды экономика тармақларына кеңирек енгизиў, өндирис нәтийжелилигин арттырыў мақсет етилген. Изертлеўшилердиң потенциалын күшейтиў арқалы мәмлекетимизде интеллектуаллық ресурслар көлемин кеңейтиў ҳәм илимий-технологиялық раўажланыўды жеделлестириў нәзерде тутылмақта.

- Кәсиплик билимлендириў тараўындағы жаңалықлардан бири сыпатында дуал билимлендириў қатнасыўшыларына стипендия төлеў тәртиби белгиленбекте. Усы жылдың өзинде 100 мыңнан аслам оқыўшы стипендия менен тәмийинленеди. Сондай-ақ, аймақларда Қытай устаханаларының жумысы жолға қойылады, - дейди Кәсиплик билимлендириў агентлигиниң директоры Азимжон Ҳусанов. - Сондай-ақ, кәсиплик билимлендириў тараўында оқыўшылардың халықаралық таңлаўларда қатнасыўын мүнәсип хошаметлеў механизмлери енгизилмекте.

Өз бетинше билимлендириўди раўажландырыў ушын 100 ден аслам кәсипке үйрететуғын миллий платформа иске қосылады ҳәм 24 маманлықты баҳалаў орайы шөлкемлестириледи. Билимлендириўден жумысқа өтиўди тәмийинлеў мақсетинде "Карьера" электрон платформасы арқалы 1,6 миллион студент ҳәм питкериўши, сондай-ақ, 50 мыңнан аслам жумыс бериўши бирден-бир мийнет базарына жалғанады.

Техникум системасы кеңейтилип, 100 мыңнан аслам оқыўшыға стипендия тайынланады. Халықаралық билимлендириў бағдарламалары тийкарында 8000 оқыўшы таярланады. Сондай-ақ, 20 Өзбекстан - Қытай устаханасы шөлкемлестириледи. Улыўма, бағдарлама ғалабалық кәсипке оқытыў, маманлық сертификатлаў ҳәм санлы мийнет базары арқалы экономика ушын заманагөй, бәсекиге шыдамлы кадрлар резервин қәлиплестириўге қаратылған.

Экологиялық теңсалмақлылықты тәмийинлеў ҳәм суўдан ақылға уғрас пайдаланыў

Экологиялық теңсалмақлылықты тәмийинлеў ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша реформалар мәмлекетте "жасыл" экономиканы қәлиплестириў ҳәм тәбийғый ресурсларды үнемлеўге қаратылған тийкарғы илажларды қамтып алады. Бул бағдар шеңберинде алдыңғы технологияларды енгизиў есабынан 7 миллиард куб метр тәбийғый газ үнемлениўи, атмосфераға 11 миллион тонна зыянлы затлардың шығарылыўының алдын алыў нәзерде тутылған.

- Халықтың ҳақылы наразылықларына себеп болып киятырған күнделикли экологиялық машқалалар бул бағдарламада итибардан шетте қалдырылмаған, - дейди Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети баслығының орынбасары Искандар Қутбиддинов. - Мәселен, халықтың экологиялық транспорт, яғный электромобилден пайдаланыўын хошаметлеў нәзерде тутылмақта. Онда жеңиллетилген автокредитлер бериў режелестирилген. Сондай-ақ, санаат кәрханалары атмосфераға шығарып атырған шығындыларды азайтыў бағдарында да бир қатар ўазыйпалар белгиленген.

Мәмлекетимиздиң айырым аймағы субтропикалық климатқа ийе. Ол жерде ыссыханалар жумыс алып барса, оларға газ, көмир керек болмайды. Соны есапқа алған ҳалда Ташкент қаласы ҳәм ўәлаяты аймағында жумыс алып барып атырған ыссыханалар субтропикалық аймақларға көширилсе, оларға қосымша салық жеңилликлери, субсидия қолланылыўы нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, 504 мың гектар майданда суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў арқалы 5 миллиард куб метр суў үнемленеди. Кадрлар таярлаў ҳәм экологиялық мәдениятты күшейтиў мақсетинде 2026/2027-оқыў жылынан баслап ҳәр бир аймақта 14 "жасыл" техникум дуал билимлендириў тийкарында шөлкемлестириледи. Соның менен бирге, эксплуатация мүддети өткен автомобиллерди утилизациялаў ҳәм оларды қайта ислеў системасы жолға қойылады. Электромобиллерден пайдаланыў көлемин кеңейтиў ушын халыққа 16 процентке шекем жеңиллетилген кредит ажыратыў тәртиби енгизиледи.

Суў ресурсларын үнемлеў ҳәм инфраструктураны модернизациялаў да тийкарғы бағдарлардан. Ең тийкарғысы, жақын жылларда суўды үнемлейтуғын технологиялардың көлеми 60 проценттен 80 процентке кеңейтиледи. Атап айтқанда, ашық дренаж, коллектор ҳәм каналларды жабық системаға өткериў, 1300 километр канал ҳәм суўғарыў тармақларын бетонлаў арқалы жылына қосымша 500 миллион куб метр суўды үнемлеў режелестирилген.

Улыўма, бул илажлар экологиялық қәўип-қәтерлерди азайтыў, ресурслардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм халық ушын турақлы және саламат жасаў орталығын қәлиплестириўге қаратылған.

    Мәмлекетлик басқарыў ҳәм суд-ҳуқық системасын жетилистириў

Ҳүжжетте сәўлелендирилгениндей, мәмлекетлик басқарыў ҳәм суд-ҳуқық системасын жетилистириў мақсетинде Олий Мажлис палаталарының сыртқы қарызды басқарыў тараўындағы, депутатлардың мәҳәллелерде жасыл бағлар, жасыл жәмийетлик парклерди шөлкемлестириўдеги ўәкилликлери кеңейтиледи.

Суд-ҳуқық системасында әдиллик ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў мақсетинде оғада аўыр жынаят ислерин судта жәмийетшилик ўәкиллеринен ибарат халық ўәкиллери коллегиясы қатнасыўында көрип шығыў әмелияты енгизиледи. Сондай-ақ, жынаят процесинде мәжбүрлеў илажларының қолланылыўы үстинен суд қадағалаўы күшейтилип, тергеў судьяларының ўәкиллиги кеңейтиледи.

Буннан тысқары, коррупция, нәшебентлик, ҳаял-қызлар ҳәм балаларға зорлық сыяқлы жәмийет ушын әҳмийетли қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўдиң нәтийжели системасы жолға қойылып, ҳуқықый тәртипти ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўдиң жаңа механизмлери енгизиледи.

Бағдарлама халық додалаўлары тийкарында қәлиплестирилип, тастыйықланды. Мақсет ҳәм оған ерисиў жоллары белгилеп берилди. Қаржыландырыў дәреклери анық. Пәрман менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәм районлар (қалалар) ҳәкимлерине реформалар бағдарламаларын аймақлар кесиминде әмелге асырыў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленбекте.

Мәмлекетлик бағдарлама менен танысар екенбиз, ҳәр бир бәнт, ҳәр бир бөлим анық мақсет ҳәм нәтийжеге тийкарланғанына гүўа боламыз. Тийкарғысы, мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўына тек ғана мәмлекетлик уйымлар емес, ал жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер де кеңнен тартылмақта. Сондай-ақ, парламентлик ҳәм жәмийетлик қадағалаўға сүйенилмекте.

Бир сөз бенен айтқанда, ҳүжжет ҳәр тәреплеме пуқта исленген, мақсети болса жақсы. Ең тийкарғысы, бул процессте ҳәр биримиз тийислилик ҳәм жуўапкершиликти сезиниўимиз айрықша әҳмийетке ийе.

Лутфулла СУВОНОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы